Россия Президенти Владимир Путин Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевти туўылған күни менен қутлықлады

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович! Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизди қызғын қутлықлайман.

    Сиз халқыңыз арасында ҳәм халықаралық майданда жоқары абырай-мәртебеге ийе болғансыз. Сизиң басшылығыңызда Өзбекстан экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў жолынан исенимли алға илгерилемекте, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерде конструктивлик рол атқармақта.

    Сиз жеке өзиңиз мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге үлкен үлес қосып атырсыз. Биз, әлбетте, Россия ҳәм Өзбекстанның дос халықларының абаданлығы жолында, регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәплерин гөзлеп, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша биргеликте ислеўди даўам еттиремиз.

    Сизге шын жүректен беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда табыслар тилеймен.

    Ҳүрмет пенен,


    Владимир Путин,

    Россия Федерациясы Президенти

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates