Биринши класс оқыўшылары ушын бул күн мектеп турмысына қойылған биринши
қәдем болды. Оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен 1-класс оқыўшыларына 12
атамадағы оқыў қуралларынан ибарат "Президент саўғасы" тапсырылды.
Быйыл Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен
"Президент саўғасы" топламына Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик
герби ҳәм Мәмлекетлик байрағы сүўретленген арнаўлы лента да киргизилген.