Мәселен, Бухараның тарийхый орайындағы "Токи Тельпакфрашон" мәдений мийрас объектинен Арк қорғанының автомобиль туратуғын орнына шекемги аймақ шөлкемлестирилди. Әндижан ўәлаятында Ханабад қаласында, Ферғана ўәлаятында болса Ферғана қаласындағы И.Каримов атындағы көркем өнер сарайы, Марғилан қаласындағы "Экошаҳар", Аҳмад ал-Фарғоний атындағы ҳәм Э.Воҳидов атындағы дем алыў бағлары, Қоқанд қаласындағы Орда майданы ҳәм "Истиқлол" туристлик көшесинде.
Самарқанд қаласындағы "Конигил" туристлик посёлкасында 2,5 км узынлықтағы жол автомобиль ҳәрекетинен жырақ аймақ сыпатында жумыс алып бармақта. Регистан майданы ҳәм Шоҳи Зинда комплексин байланыстырыўшы 1,5 км узынлықтағы И.Каримов көшеси де автомобиллер ушын толық жабылған.
Буннан тысқары, төмендеги объект ҳәм көшелерде автомобиль ҳәрекети қадаған етиледи:
Қарақалпақстан Республикасы: "Дослық" каналы көшеси, "Дослық" дем алыў орайы (Нөкис);
Әндижан ўәлаяты: Истиқлол, Урикзор, Сарикуй көшелери (Әндижан қаласы);
Жиззақ ўәлаяты: Заргарлық мәҳәллеси, Синдор Ҳамроқулов көшеси, Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфияханым музейи, "Орда" экологиялық бағы;
Наманган ўәлаяты: У.Насыр ҳәм Лутфий көшелери (Абыҳаят мәҳәллеси);
Қашқадәрья ўәлаяты: Шаҳрисабз тарийхый майданы, Мираки туризм орайы (Шаҳрисабз районы), Мустақиллик көшеси (Қаршы қаласы);
Сырдәрья ўәлаяты: Әлийшер Наўайы көшесиниң 0,72 км узынлықтағы бөлеги (Гүлистан);
Ташкент қаласы: Мирабад районы, Тарас Шевченько көшеси;
Ташкент ўәлаяты: Ташкент жолы көшеси (Қарасуў мәҳәллеси), Ангрен қаласы Айбек мәҳәллесиндеги 1 км аралық - "Бунёдкор" көшеси, Дослық мәҳәллеси - С.Раҳматов көшеси бойлап 0,9 км аралық;
Наўайы ўәлаяты: "Жаңа Өзбекстан" бағы, Руўхый-ағартыўшылық бағы, Сармысай музей-қорықханасы, Жаслық көли;
Сурхандәрья ўәлаяты: Термиз қаласы, А.Наўайы көшеси (ишки жол, Алпамыс мәҳәллеси);
Хорезм ўәлаяты: 24,5 гектарлық "Арда Хийўа" туристлик комплекси (Хийўа қаласы).
Бундай илажлар туристлер ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы шараятлар жаратып, автомобиль қатнаўысыз сейил етиў, дыққатқа ылайық орынлар ҳәм мәдений объектлерди тамашалаў имканиятын береди.








