FIFAның тийкарғы бағдарларынан бири заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда футболды раўажландырыў болып табылады. Бул бағдарда Футболда технологиялар, инновациялар ҳәм санлы трансформация комитети (Football Technology, Innovation and Digital Transformation Committee) әҳмийетли роль атқармақта. Ол VAR, голларды анықлаў системалары, офсайдларды ярым автоматластырылған түрде белгилеў, санлы мониторинг ҳәм жасалма интеллект сыяқлы шешимлерди ислеп шығыў, сынақтан өткериў ҳәм енгизиўге жуўап береди.
FIFA Кеңесиниң қарарына муўапық, Өзбекстан футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Равшан Эрматов 2025-2029-жыллар дәўирине усы комитет баслығының орынбасары етип тайынланды. Шөлкемниң басшысы FIFA футбол технологиялары департаменти директоры Йоханнес Хольцмюллер болып есапланады.
Буннан тысқары, ӨФА Бас хаткери Авваз Максумов Пляж футболы комитети (Beach Soccer Committee) ҳәм Ҳаял-қызлар футболын раўажландырыў бөлими баслығы Юлия Панина Ҳаял-қызлар миллий сайланды командалары арасында жарыслар комитети (Women’s National Team Competitions Committee) ағзалығына кирди.
Бул тарийхта биринши мәрте Өзбекстан ўәкиллериниң FIFA комитетлеринде бундай жоқары дәрежедеги лаўазымларға ийе болыўы болып, бул миллий футболдың халықаралық майдандағы абырайы артып атырғанынан дәрек береди.









