Бул бағдарлама 2026-2028-жылларға мөлшерленген болып, тәлим кредитлерин қоллап-қуўатлаў системасын беккемлеў арқалы пүткил мәмлекет бойлап 600 мыңға шамалас жаслардың тәлим кредитлеринен пайдаланыў имканиятын береди. Бағдарлама қаржыларының дерлик 80 проценти кем тәмийинленген шаңарақлардың студентлери ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылады.

Өзбекстанда 10 миллионға шамалас халық 14-30 жаста екенлигин есапқа алып, ҳүкимет сапалы жоқары, техникалық ҳәм профессионал билим алыў имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратпақта.

2017-жылдан 2024-жылға шекем жоқары оқыў орынларының саны дерлик үш есеге көбейди, жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 8 проценттен 48 процентке артты. Бирақ, студентлер санының көбейиўи мәмлекет тәрепинен субсидиялы кредит бериўши жергиликли коммерциялық банклер арқалы әмелге асырылып атырған тәлим кредитлери системасына жүклемени арттырды.

Әмелдеги система мийнет базарының талапларын жетерли дәрежеде есапқа алмай атыр: STEM (тәбийий пәнлер, технология, инженерлик, математика) ҳәм МКТ қәнигелерине талап жоқары болған бағдарламалар бойынша билимлендириў кредитлери аз ажыратылады. Сондай-ақ, студентлердиң 55 проценти ҳәм кредит алыўшылардың 80 проценти ҳаял-қызлар болса да, тек ғана 33 процент студент ҳаял-қызлар STEM бағдарларын таңлайды.

«EduImkon» бағдарламасының тийкарғы илажлары;

Билимлендириў кредитлери системасында басқарыў ҳәм операциялық процесслерди модернизациялаў және тийисли министрликлер ҳәм уйымлар арасында муўапықластырыўды жақсылаў.

Арзаларды жедел қайта ислеў, ашық-айдын қарар қабыл етиў ҳәм кредитлерди бөлистириўди аналитикалық қоллап-қуўатлаў ушын бирден-бир онлайн платформаны иске қосыў.

Кредит бериў нормаларын әпиўайыластырыў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин өзгертиў арқалы кем тәмийинленген шаңарақлардың студентлери ҳәм ҳаял-қызлар ушын қолайлылықларды кеңейтиў.

Билимлендириўдиң мийнет базары талапларына сәйкеслигин арттырыў ҳәм кредитлеў системасының узақ мүддетли финанслық турақлылығын тәмийинлеў.

Төменги дәраматлы студентлер ҳәм ўақтынша жумыссыз питкериўшилерди қоллап-қуўатлаў ушын қарыз алыўшының дәраматына байланыслы төлемлер менен кредитлеў системасын сынақтан өткериў.

2028-жыл декабрьге шекем модернизацияланған система жоқары оқыў орынлары ҳәм техникалық ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң 600 мың студентине Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен муўапықластырылатуғын 12 коммерциялық банк арқалы тәлим кредитлерин алыў имканиятын береди.

Дерлик 190 млн доллар (бағдарлама қаржыларының 80 проценти) социаллық қорғаўға мүтәж қатлам студентлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер, атап айтқанда, STEMди таңлаўды хошаметлеўге бағдарланады.

Сондай-ақ, бағдарламаға қосымша 30 миллион доллар жеке меншик капитал тартылыўы нәзерде тутылған болып, бул студентлерге кредит ажыратыў имканиятын кеңейтеди ҳәм мәмлекетлик бюджетке жүкти азайтады.