Өзбекстандағы 37 млн халықтың ярымынан көби қалаларда жасайды. 2050-жылға барып бул үлес 60 проценттен артады. Жедел урбанизация процеси қалаларды режелестириў ҳәм басқарыў системасын жетилистириў, инфраструктура ҳәм коммуналлық хызметлерди, соның ишинде, жәмийетлик транспорт ҳәм шығындыларды басқарыўды раўажландырыўды талап етпекте.
Соның менен бирге, қалалардың қадағалаўсыз өсиўи, коммуналлық ҳәм социаллық инфраструктураның ескиргени, суў ҳәм канализация, жол ҳәм жәмийетлик орынлардан пайдаланыўдың шекленгени пуқаралардың турмыс сапасын ҳәм бизнестиң нәтийжелилигин төменлетпекте. Бул машқалалар тәбийғый-климатлық айрықша жағдайлар - жер силкиниўлер, ҳаўа райының ҳәдден тыс ыссылығы, қалалардағы суў тасқынлары себепли және де қыйынласпақта.
Бул ўазыйпаларды шешиў ушын ҳүкимет тәрепинен 2025-жылы жәми 3,6 миллион халық жасайтуғын 16 әҳмийетли район ҳәм қалаларда инфраструктуралық ҳәм экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Аймақларды жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы иске қосылды.
Жәҳән банки тәрепинен қаржыландырылып атырған LPCP бағдарламасы мәмлекетлик бағдарламаның илажларын 13 аймақта, соның ишинде, Янгийўл ҳәм Марғилан қалаларында, сондай-ақ, республикамыз бойынша 14 районда: Қоңырат, Шымбай, Асака, Ғиждуван, Ғаллаорол, Яккабағ, Хатирчи, Чортоқ, Булунғур, Сырдәрья, Денов, Қува, Шовот ҳәм Хазарасп.
Бағдарлама Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жергиликли ҳәкимият уйымлары менен келисилген ҳалда әмелге асырылады ҳәм төмендегилерге қаратылған:
Коммунал инфраструктура ҳәм хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў - медицина ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, суў тәмийнаты ҳәм канализация системалары, жәмийетлик ҳәжетханалар, жоллар, пиядалар аймақлары, базарлар, парклер, қалаларды суў басыўынан қорғаў объектлери ҳәм халық және исбилерменлер талап ететуғын басқа да объектлер. Қаржыландырыўда жерлерди алып қойыў ямаса пуқараларды мәжбүрий көшириўге байланыслы жойбарлар нәзерде тутылмаған.
Халықтың, соның ишинде, ҳаял-қызлардың талапларын есапқа алған ҳалда аймақларды раўажландырыўдың бас ҳәм инвестициялық режелерин таярлаў ҳәм әмелге асырыў, сондай-ақ, тәбийғый-климатлық айрықша жағдайларға шыдамлылықты арттырыў бойынша жергиликли ҳәкимият уйымларының потенциалын беккемлеў.
Қосылатуғын объектлер ҳәм хызметлер халықтың реал талапларына жуўап бериўи, жергиликли экономиканың өсиўине ҳәм жумыс орынларының жаратылыўына хызмет етиўи ушын пуқаралар ҳәм бизнестиң қатнасыўында инвестиция режелерин ислеп шығыў.
Жергиликли ҳәкимият уйымларын нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында қаржыландырыў - қаржыларды ҳәр жылы ажыратыў аймақларды режелестириў, капитал қәрежетлерди басқарыў ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў сапасына байланыслы болады. LPCP мәмлекеттеги қоллап-қуўатлаў көлеми ҳәкимият уйымларының нәтийжелилигине тиккелей байланыслы болған биринши финанслық модель болады.
2030-жылға шекем LPCP бағдарламасында 16 район ҳәм қалада 1 миллионға шамалас халықтың турмыс шараятын тиккелей жақсылаў режелестирилген болып, бенефициарлардың ярымын ҳаял-қызлар қурайды. Программа төмендегилерди тәмийинлейди:
300 мың халықтың транспорт хызметлеринен пайдаланыў имканиятын жақсылаў;
400 мың халық ушын жәмийетлик орынлар ҳәм бағларды раўажландырыў;
инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде қурылыс тараўында 10 мыңға шамалас ўақтынша жумыс орынларын жаратыў.