Мәмлекетимиз басшысының идеясы тийкарында шөлкемлестирилген бул естелик ғәрезсизлик жылларында елимизди қорғаў жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң естелигине бағышланған.
Комплекс жоқарыдан қарағанда мәмлекетимиз байрағындағы ярым ай ҳәм он еки жулдыз түринде көринеди. Дерлик еки метрлик жулдызлардың қырлары жазыў тасы ўазыйпасын да атқарады. Олардың қаптал тәреплерине 196 қаҳарманларымыздың аты алтын ҳәриплер менен жазылған. Бул жазыўлардың жанына мониторлар орнатылған болып, миллет пидайылары ҳаққындағы мағлыўматлар фото ҳәм видеолар арқалы көрсетип барылады. Яғный, олардың тек ғана аты емес, балалығы, арзыў-нийетлери, жумысы ҳәм шаңарағы көз алдымызда жанланады.
Байрағымыздағы ярым ай кишигирим амфитеатр формасында қыябанға сулыўлық бағышлаған. Оның төбесинен пәклик тымсалы - суў ағып турады. Айдың артқы тәрепиндеги мүсиншилик композициясы көркем идеяга жуўмақ жасаған. Оның орайында перзентин әскерий хызметке шығарып салған ата-ананың келбети сәўлелендирилген. Еки қапталында Қорғаныў, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери, Жоқары суд ҳәм прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бажыхана комитети, Миллий гвардия сыяқлы структуралардың хызметкерлери сәўлелендирилген.
Президентимиз бул жерде қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары менен ушырасты.
- Ҳәр жылы бул жерге келип, Екинши жер жүзилик урыстағы жоғалтыўларды еслеймиз. Енди ғәрезсизлик пидайыларына бағышланған бул комплексти шөлкемлестиргенимиз ийгиликли ис болды. Себеби олар да миллий қаҳарманларымыз. Усы жағынан, бул майданның руўхый әҳмийети үлкен. Бул да өзликти аңлаў, бул да инсан қәдири, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы ўатан қорғаўшыларының шаңарақ ағзаларына терең ҳүрметин билдирди.
- Бул мәрт азаматлар қәўипли жағдайда өзин ойламай, ўазыйпасына садық қалып, халқы ушын жанын пидә еткен. Ҳәзирги тынышлықта, аспанымыздың ашықлығында олардың үлеси үлкен. Шаңарақлары, барлық жақынлары билиўи керек, олар арамызда тап тири сыяқлы, аты ҳеш қашан өшпейди. Буны мине, усы майданда мөрлеп қойдық. Мен олардың ата-аналарына, өмирлик жолдасларына тәжим етемен. Перзентлери қаҳарман аталарына мүнәсип болыўын тилеймен, - деп атап өтти Президент.
Миллет пидайыларының туўылған районларында еслеў илажларын өткериў, олардың мәртлигин жасларға өрнек етип көрсетиў, қаҳарманлықлары ҳаққында шығармалар жазыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Екинши жер жүзилик урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшыларын да зыярат етип, байрам менен қутлықлады.
- Бәринен бурын, сизлерди, сизлер арқалы барлық ветеранларымызды Жеңистиң 80 жыллығы менен қутлықлайман. Халқымыз атынан бәршеңизге терең миннетдаршылық билдиремен. Сизлердиң қаҳарманлығыңыз себепли бүгинги әўладлар усындай тынышлық-парахатшылықта жасамақта. Бул тынышлықтың қәдирин жасларымызға сизлер арқалы жеткериўимиз керек. Өмириңиздиң өзи бизге үлги. Ҳәр бир гәпиңиз жүдә үлкен тәлим, билим. Илайым, денсаўлығыңыз беккем болып, көп жыллар мақтанышымыз, пәтия бериўшимиз болып жүриң, - деп тилек билдирди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 19-февральдағы қарарына муўапық, урыс ҳәм мийнет ветеранларына мүнәсип ҳүрмет көрсетилмекте. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың АҚШ доллары муғдарында, усы категорияға теңлестирилген шахсларға 25 миллион сум, мийнет фронты қатнасыўшыларына 3 миллион сумнан бир мәртелик ақшалай сыйлықлар берилмекте. Көплеген ҳүрметли нураныйларға "Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы" юбилей медальлары тапсырылмақта.
Урыс ветеранлары ҳәм майыплары ушын медициналық ҳәм социаллық хызметлер, соның ишинде, патронаж хызмети көрсетилмекте. Олар өз қәлеўлери бойынша санаторийларда емленбекте.
Тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер, әскерий бөлимлер басшыларыныӊ қатнасыўында урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларының ҳалынан хабар алынып, жумысларына жәрдем берилмекте.