баннер
26 Apr 2025
05:43

    Халықаралық туризм орайының мастер-режеси көрип шығылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни “Sea Breeze Uzbekistan” халықаралық туризм орайының мастер-режеси менен танысты.

    Мәмлекетимиздеги қолайлы инвестициялық орталық себепли барлық тараўларға алдыңғы идеялар кирип келмекте, жаңа комплекслер қурылмақта. Атап айтқанда, туризмде соңғы жылларда 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады. Өткен жылы сырт елли туристлердиң келиўи биринши мәрте 10 миллионнан асты. Тек ғана Ташкент ўәлаятының Бостанлық аймағында Амирсой ҳәм “Ugam River” сыяқлы курортлар, "Белдирсой-Чимён-Нанай" туризм орайлары шөлкемлестирилди.

    Бундай раўажланыў пәти сырт елли инвесторларды да өзине тартпақта. Соның ишинде, Чарвақ суў сақлағышы бойында “Sea Breeze Uzbekistan” халықаралық туризм орайының қурылатуғыны ҳаққында алдын хабар берилген еди. Бул ретки презентацияда бул ири жойбардың бир неше сырт ел компанияларының қатнасыўында ислеп шығылған мастер-режеси көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, туризм орайын 10 киши аймаққа бөлип қурыў нәзерде тутылмақта. Олардың ҳәр бири пияда барыў мүмкин болған кеўилашар орынлар ҳәм хызметлерди қамтып алады. Еки жаға арасында көпир қурылып, келиўшилерге қолайлық арттырылады. Суў бойында қыябан, пляж ҳәм дем алыў орынлары болса, жанбаўырларда мийманханалар, коттеджлер, үйлер, ресторан ҳәм тамашагөйлер болады. Сондай-ақ, мәденият, билимлендириў, медицина, спорт дәргайлары қурылады. Яғный бул жерде тек ғана саяхат емес, ал жыл даўамында жасаў имканияты да жаратылады.

    Мәмлекетимиз басшысы бул жойбар барлық келиўшилерге қолайлы болыўы керек екенлигин атап өтип, комплексти зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech