Бул әпиўайы ойын емес, өзбек футболының үлкен байрамы. Жәҳән чемпионаты сайлап алыў басқышының соңғы ушырасыўы. Бирақ шебер спортшыларымыз мундиал жолламасын мүддетинен алдын нақластырып қойған - Өзбекстан миллий сайланды командасы тарийхта биринши мәрте футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасады!
Буны футбол сүйиўши халқымыз көп жыллар интизарлық пенен күткен еди. Миллий командамыз буннан алдын жети мәрте саралаўларда қатнасып, мундиалға шыға алмаған еди. Ҳәмме ўақытта ямаса календарь, ямаса голлар салыстырмасы, ямаса шеберлик жетиспеўшилиги себеп болатуғын еди.
Ҳеш қандай себеп-баҳанаға орын қалмаўы ушын болса футболшылар күшли болыўы керек, тырнақ беккем болыўы керек. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-марттағы қарары менен, 2018-2022-жылларда футболды буннан былай да раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилген еди. Талантлы жасларды таңлап алыў, кейин ала профессионал етип таярлаў және миллий сайланды командалар резервин жаратыў мақсетинде 14 аймақта балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиялары шөлкемлестирилди. Шынығыў ҳәм жарысларда сапа артты. Тренерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелерге итибар күшейди.
2019-жыл 4-декабрьде Президентимиз "Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманға қол қойды. Онда клублардың жумысын раўажландырыў, халықаралық дәрежедеги қәнигелер таярлаў, сайланды командалардың оқыў-шынығыў процесин заманагөй шөлкемлестириў, елимизде абырайлы жарыслар өткериў мақсетлери белгиленген еди. 2023-жыл 8-апрельде қабыл етилген ғалабалық ҳәм профессионал футболды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға байланыслы Президент қарары да үлкен әҳмийетке ийе болды.
Бундай итибар ҳәм система себепли избе-из нәтийжелер келе баслады. 2018-жылы У-23 командамыз Қытайда, 2023-жылы У-20 футболшыларымыз Өзбекстанда өткерилген жарысларда Азия чемпионлығын қолға киргизди. Елимизде ФИФА ҳәм АФК бағдарламасындағы турнирлерди өткериў жолға қойылды.
2024-жылы өзбек футболының раўажланыўында жаңа бет ашылды - 23 жасқа шекемги сайланды командамыз биринши мәрте Олимпиада ойынларында қатнасты.
Табыс ҳәм қуўанышлар быйыл да даўам етпекте. Жақында ғана, апрель айында Саудия Арабстанында өткен жарыста 17 жасқа шекемги жасларымыз Азия кубогин қолға киргизип, жәҳән чемпионатына жоллама алған еди. Мине енди тийкарғы сайланды командамыз да жаңа тарийх жаратты.
Өзбекстан бул 3-саралаў басқышының "А" топарынан орын алған еди. Дерлик бир жыл даўамында Иран, Қатар, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қырғызстан, Арқа Корея футболшылары менен беллесиў алып барылды. 5-июнь күни болып өткен БАӘ - Өзбекстан ойынында теңбе-тең есапқа алынды. Нәтийжеде 9-тур жуўмақларына бола, сайланды командамыздың очколары саны 18 ге жетти ҳәм жәҳән чемпионатына шығыўы кепилленди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы мүнәсибет пенен жоллаған қутлықлаўында футболшыларымыз ҳақыйқый мәртлик үлгисин көрсетип, халқымыздың әрманын әмелге асырғанын атап өтти.
Бул тарийхый жетискенлик халқымызды ийгиликли мақсетлер жолында және де бирлестиреди, мың-мыңлаған жасларымыз ушын илҳам дәреги, ибрат тымсалына айланады, Жаңа Өзбекстанның халықаралық абырайын және де арттырыўға хызмет етеди, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Шынында да, бул тарийхый ўақыя пүткил халқымызды бирлестирди, қуўандырды. Сонлықтан да соңғы турдағы Өзбекстан - Қатар ойыны байрамға айланып кетти.
Ушырасыў өз жанкүйерлери алдында ойнаған жерлеслеримиздиң толық үстемлигинде өтти. Жуўмағында Өзбекстан 3:0 есабында жеңиске еристи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6-июньдеги пәрманына муўапық, Ўатанымыз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени, жас әўладты спортқа меҳир ҳәм миллий мақтаныш руўхында тәрбиялаўға қосқан үлеси ушын футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзаларынан ҳәм тренерлеринен бир топары сыйлықланған еди. Ойыннан кейин усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды. Мәмлекетимиз басшысы қаҳарман спортшыларымызға ҳүрметли атақ, орден ҳәм медалларды тапсырды. Сондай-ақ, сайланды командамыз ағзалары ҳәм қәнигелерине BYD автомобиллери саўға етилди.
Президентимиз бенен ойынды Болгария Президенти Румен Радев ҳәм Словакия Бас министри Роберт Фицо және Орайлық Азия мәмлекетлери ҳүкимет басшылары биргеликте бақлады.
Футбол байрамы дронлар ҳәм салютлар шоусы менен жуўмақланды.
2026-жылғы жәҳән чемпионаты 11-июньнан 19-июльға шекем АҚШ, Канада ҳәм Мексикада болып өтеди. 48 команда 12 топарға бөлинип беллесиў өткереди. Топарларда биринши-екинши орынды ийелегенлер ҳәм нәтийжелери ең жақсы 8 үшинши орын ийелери кейинги басқышқа жол алады. Өзбекстан мақтанышы болған футболшыларымыздан бул жарыста да жақсы нәтийжелер күтип қаламыз.