Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

    Қәдирли ўатанласлар!

    Мәмлекетимизде бирден-бир ҳәм татыў шаңарақ болып жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери болған сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли пүткил халқымызды 30-июль - Халықлар дослығы күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

    Әлбетте, елимиз жеринде әййемги дәўирлерден берли даўам етип киятырған этникалық көп түрлилик сийрек ушырасатуғын социаллық ҳәдийсе болып, бүгин - Жаңа Өзбекстан шараятында жаңаша мәнис-мазмун ҳәм дәстүрлерге ийе болып атырғаны дыққатқа ылайық.

    Бәршемиз ушын әзиз ҳәм қәдирли болған Ўатанымыз мине усы тийкарда инсан қәдири ҳәм бахты улығланатуғын шын мәнисиндеги тынышлық, дослық ҳәм мийрим-шәпәәт үлкесине айланып бармақта, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман.

    Ҳүрметли дослар!

    Елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықтың әҳмийетли факторы болған миллетлераралық қатнасықларды раўажландырыўды биз елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўдың тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп алдық ҳәм бул бағдарда үлкен жумысларды әмелге асырып келмектемиз.

    Бәринен бурын, тараўға байланыслы мәмлекетлик сиясат түп-тийкарынан жетилистирилип, оның ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары беккемленди.

    Ең әҳмийетлиси, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында нәтийжели бирге ислесиў орнатылып, олардың имканиятлары бирлестирилип, системалы ҳәм кең көлемде жумыс алып барылмақта.

    Бир ғана мысал - елимизде жумыс алып барып атырған 157 миллий-мәдений орай, 42 дослық жәмийети ҳәм сырт елдеги 100 ден аслам ўатанласлардың жәмийетлик бирлеспелери мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте елимизде дослық ҳәм кеңпейиллик орталығын, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үнлеслигин беккемлеў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланыслар, халық дипломатиясын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша көплеген унамлы нәтийжелерге ериспекте.

    Биз өзиниң ҳадал мийнети, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен республикамыздың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға шексиз үлес қосып киятырған түрли миллетке тийисли жерлеслеримиз бенен ҳақылы түрде мақтанамыз. Олар мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик шөлкемлерде түрли жуўапкерли лаўазымларда шын кеўилден мийнет етпекте, пидайы хызметлери ушын Ўатанымыздың жоқары сыйлықларына миясар болмақта. Олардың арасында депутат ҳәм сенаторлар, белгили өндирис ўәкиллери, исбилерменлер, билимлендириў, медицина, илим, мәденият, әдебият, көркем өнер ҳәм спорт ғайраткерлери бар екенин бәршемиз жақсы билемиз.

    Өз тәғдирин ҳәм келешегин Өзбекстан менен байланыстырған бундай уллы мәртебели ўатанласларымыз тарийхый Ўатанлары менен елимиз арасында дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеўде де айрықша үлги көрсетпекте.

    Миллий-мәдений орайлардың ҳәммемиз ушын улыўмахалықлық байрамларға, гөззал қәдириятларға айланып кеткен Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик салтанатлары, басқа да ғалабалық илажларды өткериўде бәрқулла белсене қатнасып киятырғаны да мақтаўға ылайық.

    Бәршемиз биргеликте белгилеп атырған бүгинги байрам - Халықлар дослығы күни де халқымыздың тынышлық, дослық ҳәм жақсылық идеялары жәмленген бай мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин айқын көрсетиў ушын және бир үлкен имканият екенин атап өтиў керек.

    Кейинги жылларда беккем сиясий ерк-ықрарымыз бенен регионымыздағы туўысқан мәмлекетлер менен дослық байланысларымыз жаңа басқышқа көтерилип, дүнья сиясатында "Орайлық Азия руўхы" деген сөз ҳәм ҳақыйқатлық пайда болғаны бәршемиздиң улыўма жетискенлигимиз, десек, дурыс болады. Бул ҳаққында сөз болғанда, быйыл март айында Өзбекстан - Қырғызстан - Тәжикстан шегаралары өз-ара тутасқан ноқатта "Дослық" стеласы орнатылғаны арамыздағы жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанының және бир айқын дәлили болып есапланады.

    Ҳүрметли ўатанласлар!

    Дүньяның ҳәр қыйлы регионларында миллий ҳәм диний тийкарда түрли келиспеўшиликлер даўам етип атырған ҳәзирги оғада қәўипли шараятта бирден-бир Өзбекстан идеясы тийкарында ең үлкен байлығымыз - елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын және де беккемлеў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар, билим-ағартыўшылық, кәсип-өнерлер ийеси етип тәрбиялаў, инклюзивлик принциплерин тереңлестириў бағдарындағы жумысларымызды келешекте де избе-из даўам еттиремиз.

    Өзбекстан пуқарасы екенлигинен мақтанатуғын барлық миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери және сырт елдеги ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин Конституция ҳәм нызамларымыз талаплары тийкарында барлық жерде қатаң қорғаў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

    Сиз, әзизлер Ўатанымыздың экономикалық ҳәм социаллық қүдиретин арттырыў, халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин жоқарылатыў жолында буннан былай да пидәкерлик пенен мийнет етип, пүткил күш-ғайратыңыз, билим ҳәм тәжирийбеңизди, талант ҳәм шеберлигиңизди, кәсиплик ҳәм инсаныйлық потенциалыңызды толық көрсетесиз, деп исенемен.

    Бәршеңизди бүгинги уллы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

    Сизлерге беккем денсаўлық, мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолындағы уллы жумысыңызда жаңа табыслар, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

    Бәршемиз ушын бирден-бир Ўатан болған жанажан Өзбекстанымыз бәрқулла аман болсын, бәрқулла гүллеп-жаснасын!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates