Бул қарар тек ғана Жўраевлардың шаңарағы емес, ал миллионлаған ықласбентлер, көркем өнер хызметкерлери ҳәм пүткил халқымыз тәрепинен үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен қабыл етилди.

Шерали Жўраев өзиниң дөретиўшилиги, жоқары қәбилети ҳәм халықшыллығы арқалы елимиздиң музыкалық мийрасын қәстерлеп сақлаў, жаңа әўладларға жеткериў, оны раўажландырыў жолында пүткил өмирин бағышлады. Оның ең үлкен әрманы миллий музыка дәстүрлерин сақлап қалыў ҳәм оның ҳақыйқый мийрасхорларын тәрбиялаў еди. Қабыл етилген бул тарийхый қарар мине усы әрманлардың әмелге асыўы, оның муқаддес атын мәңгилестириў жолындағы ийгиликли қәдем болды.

Биз Жўраевлар шаңарағы атынан усы қарар ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдиремиз. Бул қарар тек ғана шаңарағымыз емес, ал Шерали Жўраевтың муҳаббатлы жүреги урып атырған халық ушын да жоқары руўхый саўға болды.

Шерали Жўраев - XX әсирдиң екинши ярымы ҳәм XXI әсир басындағы өзбек музыка көркем өнериниң ең жарқын ҳәм саўлатлы жулдызларынан бири. Оның дөретиўшилиги халық дәрти, миллий руўх ҳәм илаҳий муҳаббат пенен суўғарылған болып, ҳәр бир қосығы кеўиллерге терең тәсир етеди.

Устаз Жўраев тек ғана қосықшы емес, ал шайыр, композитор ҳәм ҳақыйқый зыялы сыпатында да елимизге хызмет етти. Ол мыңнан аслам қосық ҳәм намалардың авторы. Ол дөреткен "Өзбегим", "Инсан өзиң", «Ўхшамас», “Ўхшатинг”, "Биринши муҳаббатым" сыяқлы қосықлар миллионлап жүреклерге жол тапқан.

Шерали Жўраев дөретиўшилигинде тарийхый яд, ўатансүйиўшилик, инсан қәдири ҳәм миллий мақтаныш үстин орын ийелейди. Оның намаларында Ферғана-Соғд ойпатлығының шадлық мақамлары, Термиз шөллериниң налалары, Бухара ҳәм Самарқандтың музыкалық дәстүрлери өз көринисин тапқан.

Оның орынланыўы жүдә жетик болыўының себеби де, итимал, поэзия дүньясының Алишер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Саадий Ширазий, Ҳафиз, Жалалиддин Румий, Огаҳий, Машраб, Расул Ҳамзатов, Еркин Ваҳидов, Абдулла Арипов сыяқлы гүлтажлары дөретиўшилигинен қуралғанлығы менен де байланыслы. Ҳәзирги ўақытта бул тәкирарланбас ҳәм өмиршең қосықлар бийбаҳа ҳаўаз, ең тийкарғысы, өз Ўатаны, халқы, ықласбентлерине меҳир-муҳаббаттан, терең исенимнен тамыр алғаны рас.

Өзбекстан Президенти дөретиўши зыялылардың барлығына айрықша итибар ҳәм ғамқорлық көрсетип киятырғанына гүўамыз.

Мәмлекетимиз басшысының теңсиз таланты, көп жыллық нәтийжели ҳәм бийтәкирар дөретиўшилиги менен өзбек қосықшылық көркем өнерин ҳәм миллий мәдениятымызды раўажландырыў, оның даңқын дүнья халықлары арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға қосқан шексиз үлеси ушын Өзбекстан халық артисти Шерали Жўраевты 2018-жылы "Фидокорона хизматлари учун", 2022-жылы болса туўылғанының 75 жыллығы мүнәсибети менен "Эл-юрт ҳурмати" орденлери менен сыйлықлады. Бул жоқары талант ийеси менен бирге оның ықласбентлери ушын да айрықша итибар, тән алыў, ҳүрмет дегени.

Шерали Жўраев тек ғана өткен әсир көркем өнеринде емес, ал келешек музыка әўладлары ушын да жол көрсететуғын жарық жулдыз болып есапланады. Оның дөретиўшилиги миллий өзликти сезиў, руўхый байыў ҳәм кеўил пәклигин сақлаўда турақлы дәрек болып қала береди.

Шерали Жўраевтың аты менен аталатуғын бул мектеп келешекте көркем өнеримиздиң жаңа жулдызларын тәрбиялайды, миллий музыка дәстүрлерин заманагөй руўхта даўам еттиреди ҳәм Ўатанымыздың мәдений турмысында әҳмийетли орын ийелейди, деп исенемиз.

Президентимиздиң бул қарары биз, Жўраевлар шаңарағына да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Сонлықтан, перзентлерим Шоҳжаҳон ҳәм Зоҳиршоҳ Жўраевлар уллы көркем өнер ғайраткериниң мүнәсип мийрасхорлары ҳәм избасарлары және профессионал қосықшылар сыпатында усы қарардың ҳәр тәреплеме сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын бар күш-ғайраты және билим ҳәм тәжирийбелерин жумсаўға таяр. Перзентлерим де әкеси сыяқлы өз Ўатанына садықлық пенен хызмет етеди.

Биз барлық зыялылар, устазлар ҳәм көркем өнер ықласбентлерин бул жоқары оқыў орнын қоллап-қуўатлаўға, оның жумысында белсене қатнасыўға шақырамыз. Шерали Жўраевтың руўхы шад, исми абырайлы, шығармалары болса ҳәр бир жүректе мәңги жасай берсин!

Гүлнара ЖЎРАЕВА