Онда ҳәр қыйлы мәселелер, соның ишинде, инфраструктураның раўажланыўы, социаллық тараў машқалалары, коммуналлық хызметлердиң сапасы ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Район ҳәкими А.Аметов ҳәр бир мүрәжатты дыққат пенен тыңлап, машқалаларды анықлаўға ҳәрекет етти ҳәм оларды шешиў бойынша көрсетпелер берди. Айырым машқалалардың өз орнында шешими табылып, қалғанлары тийисли тараў ўәкиллерине тапсырылды.
Көшпели қабыллаў даўамында район ҳәкими аймақ турғынлары менен ашық сөйлесиў алып барып, олардың пикирлерин тыңлады ҳәм тийисли мәсләҳәтлер билдирилди.
Орынларда сектор басшылары тәрепинен халықтың машқалаларын үйрениў, турмысын жақсылаў илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.