Қытай компаниясы Ташкентте жаңа метро линияларын қурыўға қызығыўшылық билдирди

    23 тамыз 2025 844

    Қытай тәрепи Ташкент метрополитениниң бар жөнелислерин реконструкциялаў ҳәм жаңа линиялар қурылысында қатнасыўға қызығыўшылық билдирди.

    Бул ҳаққында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

    Атап өтилиўинше, усы жылдың 22-август күни Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде министрдиң орынбасары Илзат Касимов Қытайдың Tianjin Rail Transit Group компаниясы бас директорының орынбасары Ма Юнкан менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда метрополитен ҳәм темир жол транспортын раўажландырыў бойынша перспективалы жойбарлар додаланды. Қытай тәрепи Ташкент метрополитениниң бар жөнелислерин реконструкциялаў ҳәм жаңа линиялар қурылысында қатнасыўға қызығыўшылық билдирди.

    Атап өтилгениндей, бул жойбарлардың әмелге асырылыўы мәмлекеттиң транспорт инфраструктурасын буннан былай да модернизациялаўға, халыққа қолайлы ҳәм заманагөй транспорт хызметлерин усыныўға хызмет етеди.

    Буннан тысқары, тәреплер бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын көрип шығып, сөйлесиўди даўам еттириў нийетин билдириў менен бирге, өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыў басламасын да келисип алды.

    Еслетип өтемиз, буннан алдын бул компания Ташкент - Самарқанд жаңа темир жол линиясын қурыўға қызығыўшылық билдирген еди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates