Ташкент метросында жолаўшы поезд қурамына кирмекши болып, вагонның қапыларын зыянлады

    17 желтоқсан 2025 119

    2025-жыл 16-декабрь күни саат 16:23 те метроның "Мустақиллик майдони" бәндиргисинен "Пахтакор" бәндиргисине шекемги бөлегинде есиклер жабылып атырған ўақытта жолаўшылардан бири вагонға кириў ушын есикти ашыўға урынған. Нәтийжеде есикти қорғаўшы механизм истен шыққан.

    Пайтахт метрополитениниң мағлыўматына қарағанда, машинист тезлик пенен илаж көрген, бирақ кейинги бәндиргиден алдын насазлық тәкирарланған. Көрсетпеге муўапық, машинист жолаўшыларды станцияда түсирди ҳәм составты электр депосына алып барды.

    "Ташкент метрополитени"де жолаўшыларға қәўипсизлик қағыйдаларын еслетеди:

    Станцияға жақынласқанда алдын-ала шығыў есиклерине жақынлаң;

    Вагонлардан түсип атырған жолаўшыларға жол бериң;

    Барлық жолаўшылар толық түсип болғаннан кейин ғана вагонға миниң;

    Вагонға шығыў ўақтында есик алдында турмаң, вагонның ортасына өтиң;

    Есиклерге сүйенбең;

    Бәндиргилер ҳәм коридорлар бойлап ҳәрекетленгенде оң тәрепте болың.

    Бул қағыйдаларға әмел етиў барлық жолаўшылардың қәўипсизлигин ҳәм қолайлылығын тәмийинлейди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates