Boeing 757 самолёты жергиликли ўақыт пенен саат 10:40 да Ташкент халықаралық аэропортына қонды ҳәм дәстүрге бола суў аркасы менен күтип алынды.
Дәслепки басқышта пәрўазлар ҳәптесине еки мәрте әмелге асырылады, кейин ала олардың санын көбейтиў режелестирилмекте.
«SF Airlines» авиакомпаниясы Шенчжен қаласында (Қытайдың Гуандун ўәлаяты) жайласқан болып, Қытайдың жетекши жүк тасыўшы авиакомпаниясы есапланады. Ол 2005-жылы шөлкемлестирилген ҳәм мәмлекеттеги ири логистика холдинглеринен бири - SF Holding Company Limited қурамына киреди.