Мәдений фестивалдың ашылыў мәресиминде университет президенти Чэнь Цзямин қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, бул жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы ҳәм оның халықаралық бирге ислесиў байланысларына тоқтап өтти.
Мәдений фестивалда университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.
Илажда жыйналғанлар сырт елли студентлер тәрепинен көрсетилген презентацияларды бақлап, дүнья мәдений ҳәр түрлилиги ҳәм мәдений интеграциясының шексиз тартымлылығынан заўықланды.
Фестивал шеңберинде Өзбекстан елшиханасы дипломатлары университет басшылары менен ушырасыў өткерди. Онда бул илаж халықаралық студентлер ушын өз-ара үрп-әдетлер, дәстүрлер ҳәм мәдениятты жақсырақ түсиниўде әҳмийетли платформа болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Университет президенти Чэнь Цзямин усы күнге шекем бул университетти 78 өзбекстанлы табыслы тамамлағанын билдирди. Ҳәзирги күнде университетте 44 ўатанласымыз билим алмақта. Университет басшылығы сырт елли студентлер ушын жаратылған шараятлар менен таныстырып, бул жоқары оқыў орнында өз тараўының раўажланыўына үлес қосатуғын өз тараўының шебери болған профессионал кадрларды жетистириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленгенин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Қытай арасында жоқары билимлендириў тараўындағы қатнасықлар келешекте де избе-из раўажланып баратуғыны атап өтилип, билимлендириў бағдарындағы дослық алмасыўлар ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге келисип алынды.
Байрам илажы шеңберинде ўатанлас студентлер менен биргеликте Өзбекстан миллий стенди шөлкемлестирилди. Онда мәмлекетимиздиң мәденияты ҳәм туризм потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланды.
Мийманларға соңғы жылларда Өзбекстан - Қытай арасындағы билимлендириў, илим, мәденият, халық дипломатиясы, спорт ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў байланыслары жаңа басқышқа көтерилгени айтылды.
Соның ишинде, 2024-жыл 22-январь күни Пекин қаласында 100 ден аслам университетлердиң қатнасыўында "Өзбекстан - Қытай билимлендириў форумы" табыслы өткерилгени атап өтилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.