Хорезм ўәлаятының туризм потенциалын жүзеге шығарыў бойынша исленип атырған жумыслар үлкен нәтийже бермекте. Буны аймаққа сырт елли туристлердиң келиўи жети-сегиз жыл алдынғы дәўирге салыстырғанда 30 есеге көбейгенинде де көриў мүмкин. Тараўдағы өзгерислер есабынан ўәлаяттың туризм хызметлериниң экспорты 2017-жылдағы 7 миллион доллардан өткен жылы 380 миллион долларға жетти.
Сыр емес, алдын аймақ туризми ҳаққында сөз етилгенде көпшилик тек ғана Ичан қалъаны көз алдына келтиретуғын еди. Кейинги ўақытларда бул бағдардағы көзқараслар пүткиллей өзгерди. Туристлер ушын қырқтан аслам туристлик бағдарлар ислеп шығылды ҳәм олардың улыўма саны жүзге жетти.
Енди бул жерде және бир бийбаҳа комплекс - "Арда Хийўа" бар. Оның ашылыўы Хорезм ўәлаятына Президент сапарының әҳмийетли ўақыясы болды.
Комплекс ески кент ишинде және бир бийтәкирар қаланы еслетеди. Бул орын өзинде тарийх ҳәм бүгинди үйлестирген архитектуралық шешими менен бийбаҳа жойбар болып есапланады.
"Арда Хийўа" аймақтағы 25 гектарлық төмен өнимдарлы, шорлы майданда қурылды. Оның бир тәрепи 150 гектарлық Ғаўық көлге тутасып кеткени, бул майданларда жасыл аймақлар шөлкемлестирилип атырғаны жойбарды туристлер ушын және де тартымлы көрсетиўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы комплекс бойлап жүрип, дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди. Өнерментшилик, көркем ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелерин және базардағы саўда орынларын тамашалады.
Бул жерде туристлерге хызмет көрсетиў ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, әййемги қала орталығын сәўлелендиретуғын имаратлар, жәми мың орынлық 20 мийманхана қурылды. Ашық-жабық аквапарк ҳәм аттракционлар, үш мың орынлық амфитеатр ҳәм музыкалы фонтан қурылды.
Сондай-ақ, тарийхый көринистеги 11 өнерментлер үйи, шығыс базары, "Әййемги Үргенш" музейи мийманлар ушын қызық болады. Еки километрлик каналда қайықта сейил етиў имканияты және бир өзине тән жаңалық.
Бес кинотеатр ҳәм коньцерт залы, көплеген ресторанлар, зергерлик орайы, саўда дүканлары ҳәм расталары, суў мото-туризми орны және автомобиль туратуғын орын заманагөй талапларға сәйкес түрде қурылған. Аймақтағы барлық имаратлар ушын бирден-бир суўытыў ҳәм ысытыў системасы қурылған. Електр энергиясын тәмийинлеў ушын қуяш панельлери орнатылған.
Комплекс жылына үш миллион адамды қабыл етиў имканиятына ие. Бул жерде еки мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Ичан қалъа тарийхый болса, "Арда Хийўа" Хорезмниң заманагөй "мирәт қағазы" болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде хорезмли жаслар менен қызғын сөйлести.
- Ҳәр қандай резерв, жер асты байлықлары қашанлардур таўсылады. Бирақ бабаларымыз бизге сондай уллы руўхый мийрас, уллы естеликлер қалдырған, олар әсирлер даўамында халыққа хызмет етип келмекте. Биз мине усы байлықтан елимиздиң мәпи жолында пайдаланыўымыз керек. Әдеўир жумыслар исленди, бирақ еле режелер де көп. Мен бул жолда сиз, жасларға исенемен. Сизлер бәлент шыңларды гөзлеп, соған жараса билим алсаңыз, заманагөй кәсиплердиң шебери болсаңыз, уллы мақсетлеримизге әлбетте ерисемиз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жаслардың оқыўдағы табыслары, арзыў-нийетлери ҳаққында пикир алысылды.












