Усы Реже акционерлик жәмийетлери ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер басқарыў уйымларының мәжилислеринде қатнасыўшылар тәрепинен мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртибин белгилейди.
Режеге бола, жәмийет тәрепинен қатнасыўшыларға жиберилетуғын жыйналысты өткериў ҳаққындағы хабарда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби, сондай-ақ, төмендеги мағлыўматлар көрсетиледи:
- жыйналыста аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў әмелге асырылатуғын платформаның атамасы ҳәм оған кириў ушын силтеме;
- платформада идентификациядан өтиў ушын усынылатуғын мағлыўматлар;
- платформадан пайдаланыўды тәмийинлеўши техник хызметкердиң фамилиясы, аты, әкесиниң аты ҳәм телефон номерлери.
Қатнасыўшылар платформаның видеоконференцбайланыс режими арқалы мәжилисте қатнасады.