Усы Реже акционерлик жәмийетлери ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер басқарыў уйымларының мәжилислеринде қатнасыўшылар тәрепинен мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртибин белгилейди.

Режеге бола, жәмийет тәрепинен қатнасыўшыларға жиберилетуғын жыйналысты өткериў ҳаққындағы хабарда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби, сондай-ақ, төмендеги мағлыўматлар көрсетиледи:

  • жыйналыста аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў әмелге асырылатуғын платформаның атамасы ҳәм оған кириў ушын силтеме;
  • платформада идентификациядан өтиў ушын усынылатуғын мағлыўматлар;
  • платформадан пайдаланыўды тәмийинлеўши техник хызметкердиң фамилиясы, аты, әкесиниң аты ҳәм телефон номерлери.

Қатнасыўшылар платформаның видеоконференцбайланыс режими арқалы мәжилисте қатнасады.