баннер
15 Mar 2025
00:49

    Өзбекстан U-18 хоккей сайланды командасы дүньяны ийеледи

    Жақында Таиландтың Бангкок қаласында өткерилген хоккей бойынша U-18 жәҳән чемпионатында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы хоккей командасы жеңимпаз болды.

    Өзбекстан сайланды командасы бундай абырайлы чемпионатта биринши мәрте қатнасып атырғанына қарамастан, барлық команда үстинен оғада исенимли ҳәм ири есапта жеңиске еристи. Мәселен, Қубла Африка Республикасын 12:0, Люксембургты 12:1, Түркменстанды 8:2, Босния ҳәм Герцеговинаны 11:3 ҳәм соңғы шешиўши ойында Тайланд командасын 3:2 есабында жеңди ҳәм абсолют чемпион болды.

    Команда сәрдары Жасурбек Рустамхонов 14 гол (шайбасы) ҳәм 8 узатпасы ушын турнирдиң "Ең жақсы ҳүжимшиси" ҳәм "Ең жақсы ойыншысы", Рустам Эргашев болса "Ең жақсы дәрўазаман" номинациясына мүнәсип көрилди.

    - Бул бизиң биринши қатнасыўымыз. Сол себепли, үлкен толқынланыў ҳәм жуўапкершилик жүкледи, - дейди Жасурбек Рустамхонов. - Чемпионатқа қатаң тәртип тийкарында таярлық көрдик. Нәтийжеде барлық команданы ири есапта жеңдик. Соңғы ойын қыйынырақ өтти, бирақ командалық аўызбиршилик пенен үй ийеси сайланды командасын да жеңдик. Бизиң бул жеңисимиз ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде спорттың хоккей түрин раўажландырыўға көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм жас спортшылар ушын жаратылып атырған шараят ҳәм имканиятлардың нәтийжеси болып табылады. Бүгингидей хошамет ҳәм итибар бизлерди руўхландырады ҳәм келеси әҳмийетли ойынларда күш береди.

    Чемпионларымызды таярлаған тренерлер штабы Нормундс Сеейс, Абдумажид Носиров ҳәм Роман Кривомазов сыяқлы тәжирийбели қәнигелерден ибарат. Ушырасыўда тренерлер елимизде барлық спорт түри қатары хоккейге қаратылып атырған итибар ҳәм исеним ушын миннетдаршылық билдирди.

    - Бизге исеним билдирген Президентимизге ҳәм халқымызға рахмет, - дейди сайланды команда тренери Абдумажид Носиров. - Бул чемпионатқа шекем Азия турнирлеринде қатнасып, тәжирийбе арттырғанбыз. Бир неше абырайлы жарысларда жеңимпаз болғанбыз. Жәҳән чемпионатына бир жыл таярландық. Бүгинги жеңис руўхы ҳәм кейпияты мине, усы үлкен мийнетимиздиң жемиси. Шәкиртлерим буннан жүдә қуўанышлы. Өзине исеними жоқары. Мине, усы руўхта даўам етип, буннан кейин де үлкен шеклерди ийелеўди гөзлеп атырмыз. Бул жеңис командамызға келеси жылы III дивизионның "А" топарында қатнасыў имканиятын берди.

    Ал, бул не деген сөз? Халықаралық хоккей федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилетуғын U-18 жәҳән чемпионаты бир неше дивизионға бөлинген. Командалар өз дәрежесине қарай түрли дивизионда қатнасады. III Б дивизион - бул төмен дәрежедеги дивизионлардан бири. Өзбекстан U-18 сайланды командасы усы дивизионда қатнасып, барлық қарсыласын жеңип шықты ҳәм III А дивизионына көтерилиў ҳуқықын қолға киргизди.

    Командамыз бул дивизионда да жеңип шықса, кейинги басқышқа - II дивизионға көтерилиўи мүмкин. Басқаша айтқанда, ҳәр басқышта жеңимпаз болған команда жоқарырақ дивизионға шығады, ең күшсиз команда болса төменге түсип кетеди. Бул хоккейде "көтерилиў ҳәм түсиў" системасы деп аталады. Өзбекстанның III А дивизионына шығыўы - бул халықаралық көлемде күшлирек командалар менен беллесиў ҳәм тәжирийбе арттырыў ушын үлкен имканият дегени.

    Хоккей командалық ойыны спортшылардан өзине тән шаққанлық, айрықша сергеклик ҳәм муз үстинде жердегидей еркин ҳәрекетлене алыў шеберлигин талап етеди. Хоккейдиң рәсмий ойынлары әдетте -5 градус әтирапындағы орталықта өткериледи. Ашық ҳаўадағы ойынларда оннан да суўық болыўы мүмкин. Ойын даўамында хоккейшилер жүдә үлкен тезликте - саатына 40-50 километрден 180 километрге шекем ҳәрекетленеди ҳәм орташа 6-8 километр аралықты басып өтиўи мүмкин.

    Рашид ХОЖАМОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы.





    Телеграм каналымыз
    Text to speech