Ҳаял-қызлар пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларында оқытылады

    30 қаңтар 2025 1084

    Бир ай мүддетте Қытай, Вьетнам, Ҳиндстан ҳәм Япония мәмлекетлеринен пиллешилик тараўындағы қәнигелерди ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларына тартыў илажлары көриледи.

    Ҳүкиметтиң "Ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўында бәнтлигин басқышпа-басқыш тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы қарары (46-санлы, 29.01.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, ҳаял-қызларды пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларды тараўға тартыўдың тийкарғы параметрлери және оны басқышпа-басқыш тәмийинлеў системасын шөлкемлестириў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

    Тийкарғы параметрлерге муўапық қысқа мүддетли оқыў курсларын питкерген ҳаял-қызлардың бәнтлиги Президент пәрманына муўапық тийкарғы түрде пиллешилик кластерлери, жипек қурты туқымгершилиги кәрханалары, пиллешилик ҳәм тут жетистириў бағдарындағы фермер хожалықларына мәўсимлик ҳәм турақлы жумысларға қабыл етиў арқалы тәмийинленеди.

    Бир ай мүддетте Қытай, Вьетнам, Ҳиндстан ҳәм Япония мәмлекетлеринен пиллешилик тараўындағы қәнигелерди ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларына тартыў илажлары көриледи.

    Пиллешилик тараўында бәнт болған пуқаралардың мағлыўматлары “yangiish.mehnat.uz” платформасына киргизилип барылыўы тәмийинленеди.

    Тийкарғы параметрлерге муўапық пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларын питкерген ҳаял-қызлардың турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға қабыл етилгенлиги есабы жүргизиледи.