Тәжирийбе жойбары шеңберинде жоқары технологиялық композит қубырлардың партиясын бийпул жеткерип бериў, кейин ала оларды сынақтан өткериў ҳәм Өзбекстанның газ бөлистириў тармақларына басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, тәреплер газ тармақларын кең көлемде модернизациялаў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм оларды басқышпа-басқыш локализациялаўға қаратылған узақ мүддетли шериклик тийкарларын беккемлеген Түсинисиў меморандумы ҳәм Мәлимлеме тарқатпаў ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Келешекте жергиликли шийки заттан пайдаланып, патент берилген композит қубырлар ислеп шығарыў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириў режелестирилген. Жойбар Европа технологияларының толық трансферин, соның ишинде, жасалма интеллект тийкарында интеллектуаллық басқарыў системаларына ие заманагөй үскенелерди енгизиўди нәзерде тутады.

Келисимлерге қол қойылыўы «Худудгазтаъминот» АЖ инфраструктурасын технологиялық жақтан модернизациялаў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Пилотаж басқышы табыслы әмелге асырылса, хызмет мүддети кеминде 50 жыл болған жаңа әўлад газ тармақларын енгизиў, сондай-ақ, инфраструктураны қурыў ҳәм оған хызмет көрсетиўге кететуғын капитал қәрежетлерди сезилерли дәрежеде қысқартыў имканиятын береди.