Шайыр ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы Хушбоқ Раҳимов президент пәрманына бола "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.
"Көп жыллық нәтийжели көркем-дөретиўшилик жумысы менен заманагөй әдебиятымызды ўатансүйиўшилик, пидайылық, адамгершиликти жырлайтуғын шығармалар менен байытыў, халқымыздың сана-сезими, руўхый потенциалын жоқарылатыў, перзентлеримизди Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға қосқан мүнәсип үлеси, елимиздеги түпкиликли реформалардың мәнисин жәмийетшиликке жеткериў, жәмийетте миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында өз-ара аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, миллий мәдениятлар ҳәм дәстүрлерди раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын шайыр, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы Раҳимов Хушбоқ "Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын," делинеди пәрманда.
Сондай-ақ, қытайлы Тиан Шучун да "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.
"Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, еки тәреплеме пайдалы шерикликти раўажландырыў, мәмлекетимиз экономикасына сырт ел инвестицияларын белсене тартыўға қосып атырған мүнәсип үлеси, елимизде алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларын буннан былай да жеделлестириў, заманагөй қурылыс-архитектура және саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында перспективалы ҳәм инновациялық жойбарларды табыслы әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын «TSC HK Investment» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Тиан Шучун Өзбекстан Республикасының "Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын", делинеди пәрманда.