Екшемби күни Өзбекстан аймағына салқын ҳаўа кирип келиўи күтилмекте

    15 тамыз 2025 545

    Ертең Өзбекстан аймағы бойынша аз бултлы ҳәм салыстырмалы ыссы ҳаўа-райы сақланып турады.

    Тек ғана Қарақалпақстан Республикасында 16-август күни түнде ҳәм азанда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин, деп хабар бермекте Ўзгидромет.

    Ҳаўаның температурасы 15-16-август күнлери тийкарынан +30...+35 дәреже, қублада +38 дәрежеге шекем болады.

    Екшемби күни Өзбекстан аймағына салыстырмалы салқын ҳаўа кирип келиўи күтилмекте, ҳаўа температурасы 2-3 дәрежеге төменлейди.

    Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында 17-август күни айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

    Ташкентте: бүгин ҳәм ертең тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы бақланады, 17-август - екшемби күни ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди.

    Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 10-15 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

    Ҳаўаның температурасы түнде +19...+21 градус, күндиз 15-16-августта +32...+35 градус, 17-августта +28...+30 градус болады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates