Қарарға бола, 2025-жыл 1-январьдан жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлерде де шөлкемлестириў әмелияты енгизиледи.
Төмендегилер тастыйықланды:
Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже;
Кәсиплик билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже.
Сондай-ақ, диплом жойбары ҳәм питкериў маманлық жумысы қорғалатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарларының дизими билимлендириў тараўларының өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
2025-жыл 1-январьдан профессионал билимлендириў шөлкемлери педагог кадрларының маманлығын арттырыў оқыў режелерине "Германия тәжирийбеси" тийкарында питкериўшилерди баҳалаў бойынша оқыў курсы киргизиледи.









