Мәмлекетимиз раўажланып, халықаралық абырайы артқан сайын дүнья менен байланыслар жеделлесип бармақта. Сол себепли транспорт инфраструктурасының барлық бағдарларын тең салмақлы раўажландырыў илажлары көрилмекте.
Әне усындай стратегиялық жойбарлардан бири - "Ташкент-Шығыс" аэродромы тийкарындағы бизнес авиациясы комплекси болып есапланады. Оның қурылысы 2017-жылы басланған еди. Пандемия ҳәм оннан кейинги қыйыншылықлардан өтип, ақырында үлкен имарат қурып питкерилди.
Аэропорттың улыўма майданы 561 гектардан ибарат. 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолы ҳәм 3 ҳәрекетлениў жолы жаңаланып, ең аўыр самолётларды да қабыл етиў қуўатлылығына ийе болды. 20 "ҳаўа кемеси"не мөлшерленген перрон қурылды. “Boeing 787”, “А 320” сыяқлы самолётлар, бизнес-жетлер ҳәм вертолётлар ушын ангарлар қурылды. Бул олардың қыста жыллы, жазда салқын сақланыўын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлейди.
Аэропортта VIP ҳәм CIP терминаллар қурылған. Жоқары мәртебели мийманлар залында рәсмий күтип алыў, сөйлесиўлер ҳәм брифинг өткериў ушын барлық шараятлар жаратылған. Саатына 100 жолаўшыны қабыллаў қуўатлылығына ийе CIP терминалда дүкан ҳәм аўқатланыў орынлары болады.
Әҳмийетлиси, аэропорт ICAO III-А категориясындағы алдынғы радиотехника ҳәм метеорология үскенелери менен тәмийинленеди. Бул қолайсыз ҳаўа-райы шараятларында да ушыў ҳәм қоныў имканиятын береди.
Жаңа аэропорт қолайлы жайласыўы себепли пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент қаласы ушын әҳмийетли транспорт хабына айланады. Халықаралық сапарлар ҳәм исбилерменлик сапарларын әмелге асырыў имканиятлары кеңейеди, сырт ел инвесторлары ушын шараятлар жақсыланады. Нәтийжеде экономикалық байланыслар ҳәм хызмет көрсетиў тараўы және де раўажланып, жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жәмийетлик белсендилер, нураныйлар менен сәўбетлести.
- Көп жыл таярлық көрип, мине, усындай аэропорт қурдық. Бул да мәмлекетшиликтиң және бир тийкары. Бул жерде елимизге келетуғын мийманлар ҳәм самолётларға жоқары дәрежеде хызмет көрсетиледи. Нәтийжеде Ташкент халықаралық аэропортына жүклеме жеңиллеседи. Қуда қәлесе, ол аэропорт ушын да басқа жерде үлкен комплекс қурыўды режелестиргенбиз. Улыўма, барлық аймақларымызда үлкен-үлкен жойбарларды баслағанбыз. Илайым, тынышлығымызға көз тиймесин, жаңа имаратлар, абаданлық халқымызға буйырсын, - деди Президент.




