Транспорт министри Илҳом Маҳкамовтың сөзлерине бола, жаңа аэропорт әмелдеги Ташкент халықаралық аэропортынан 17 километр қублада, Ташкент-Самарқанд жөнелисиндеги бар автомобиль жолы ҳәм жақын келешекте қурылатуғын төлемли автомагистралға жақын аймақта жайласады.
"Жаңа халықаралық аэропорт қурылысы ушын таңланған жер участкасы пайтахттан қублада, ҳәзирги аэропорттан 17 километр узақлықта жайласқан. Бул аймақ Ташкент-Самарқанд жөнелиси бойлап, келешекте қурылысы режелестирилген төлемли автомагистралға жақын жайласқаны менен де қолайлы есапланады", - деди Илҳом Маҳкамов.
- Ҳәзирги Ташкент халықаралық аэропорты жылына 11 миллион жолаўшыға хызмет көрсете алады. Бирақ ҳәзирги экономикалық өсиў, туризм ағымы ҳәм исбилерменлик бағдарының раўажланыўы нәтийжесинде ҳәзирги аэропорт бундай пәтте өсиўге үлгермей атыр, - дейди "Uzbekistan Airports" компаниясының басшысы Жавлонбек Умархўжаев. Жоллардың өткериўшеңлик қуўатлылығы төмен ҳәм автомобиль турыў орынларында автомашиналар ушын орын жетиспейди.
Екиншиден, терминал имараты 2030-жылға шекем кеңейтилген жағдайда да, хызмет көрсетиў қуўатлылығы көби менен 15 миллион жолаўшыға жетеди.
Үшиншиден, ушыў-қоныў жоллары екеў болса да, олардан бир ўақыттың өзинде нәтийжели пайдаланыў имканияты жоқ.
Төртиншиден, Ташкент халықаралық аэропорты қала орайына жақын жайласқаны себепли, ҳаўа траекториясындағы манёвр етиў имканияты 50 процентке шекленген.
Усы төрт фактор есапқа алынғанда, 2030-жылға барып Ташкент халықаралық аэропорты өзиниң пүткил ресурс потенциалын толық иске қосып болады. Демек, жаңа аэропортты әйне сол ўақытта иске қосыў үлкен әҳмийетке ийе.
Жаңа халықаралық аэропорттың техникалық параметрлерине келсек, оның биринши басқышы жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Бир ўақыттың өзинде 169 самолётты қабыллаў қуўатлылығына ийе болады. Бир саатта 40 қа шекем пәрўазға хызмет көрсетиў режелестирилген.
Терминалдың дәслепки басқышында 14 самолёт көпири (jet bridge) орнатылады, кейин ала бул көрсеткиш 45 ке жеткериледи, - деди "Uzbekistan Airports" компаниясының басшысы.

