баннер
21 Apr 2025
04:50

    Жаңа Әндижан қалашасына Бабур қаласы деп ат берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Әндижан қаласындағы "Жаңа Өзбекстан" бағында өтип атырған халық сейилинде шығып сөйледи.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бийтәкирар илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасы менен миллетимизди, халқымызды пүткил дүньяға танытқан уллы бабамыз Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың естелигин мәңгилестириў мақсетинде Жаңа Әндижан қалашасына Бабур қаласы деп атама бериўди усыныс етти.

    "Исенимим кәмил, бул баслама ҳәр тәреплеме халқымыздың кеўлиндеги жумыс болады. Себеби, ҳәзирети Бабур - жәҳән тарийхында сийрек ушырасатуғын сондай бийтәкирар, уллы шахс, оның ҳүрметине тек ғана көшелер ҳәм майданлар, бағлар емес, ал өз алдына қала қурсақ, әлбетте, арзыйды.

    Себеби, Бабур Мырза - Темурийлер Ренессансының мүнәсип даўамшысы, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, талант қәўендери болған уллы шахс болып есапланады.

    Оның жаслық ўақытларынан елде тынышлық ҳәм әдиллик орнатыў ушын алып барған гүреслери, бул жолда көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлиги пидайылық ҳәм ўатансүйиўшилик мектеби болып есапланады.

    Сөзсиз, энциклопедиялық билим ҳәм ой-пикир ийеси болған бул классик бабамыздың тек ғана "Бабурнама" шығармасы ушын да оның ҳүрметине мине усындай гөззал қалаша қурсақ арзыйды", - деди Президент.

    Бул баслама ўатанласларымыз тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech