Жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспортлардың ҳәрекетине қолайлық жаратыў - турақлы процесс. Бул, әсиресе, халық саны артып, аймағы кеңейип атырған Ташкент ушын әҳмийетли мәселе.
Атап айтқанда, соңғы жыллары Жаңа Өзбекстан көшесинде дем алыў бағы, турақ жайлар, университет ҳәм Олимпиада қалашасы қурылды. Бул көше келешекте Жаңа Ташкент қаласына алып баратуғын тийкарғы жоллардан бири болады.
Сол себепли, Жаңа Өзбекстан көшеси бойлап узынлығы 468, кеңлиги 25 метр болған жер асты автомобиль жолы қурылды. Ол саатына 10 мыңнан аслам автомобильди өткериў имканиятына ийе.
Туннелдиң үсти жасыл аймаққа айландырылып, "Жаңа Өзбекстан" бағы менен Олимпиада қалашасы арасында пиядалардың қәўипсиз ҳәрекетлениўи тәмийинленди.
Сондай-ақ, усы жөнелисте жойбарластырылған метро жолы ушын туннель ҳәм бәндирги де қурылды.
Елимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбарда экологиялық тәреплер айрықша инабатқа алынатуғынын атап өтиў керек. Жаңа Өзбекстан көшесинде қурылған жер асты автомобиль жолы машиналардың ўақтын 2 есеге қысқартып, күнине 1 тонна жанылғы үнемлениўине ҳәм атмосфераға шығарылатуғын зыянлы газлер муғдары 2 тоннаға азайыўына себеп болады.
Мәмлекетимиз басшысы жер асты автомобиль жолының заманагөй стандартлар тийкарында шөлкемлестирилгенине итибар қаратты. Бундай тегис жоллар халқымызға қолайлық жаратып, туризмниң раўажланыўына үлес қосатуғыны атап өтилди.