Мәмлекетимиз басшысының тапсырмаларына муўапық ислеп шығылған бул қарар менен Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарары менен тастыйықланған 2024-2025-жылларда жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының басқышпа-басқыш өзгериў графигине халық ушын жеңиллик жарататуғын өзгерислер киргизилмекте.

Мәселен, жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының артыў мүддети 1-апрельден 1-май сәнесине көширилди.

Қалаберди, 201 кВт·сааттан 1000 кВт·саатқа шекемги дифференциалластырылған тариф бойынша тутыныў муғдары арасына жаңа муғдар киргизилмекте. Яғный 2025-жыл 1-майдан баслап халық тутыныўшылары 201 кВт·сааттан 500 кВт·саатқа шекемги жаңа муғдар аралығында ҳәр бир киловатт-саат ушын 800 сумнан төлейди (ҳәзирге шекем 201 кВт·сааттан 1000 кВт·саатқа шекемги бөлеги ушын 900 сумнан төленген).

Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бул қарар бар тарифлерге халық ушын жеңиллик жаратыў мақсетинде киргизилген өзгерислерди өз ишине алады.

Айтып өтиў орынлы, бир айда орташа 500 кВт·саат муғдарында электр энергиясын жумсайтуғын шаңарақ ўәкиллери бул ушын 2025-жылдың 1-май сәнесине шекем 360 мың сум төлейтуғын еди (200 кВт·саат базалық норма ушын 90 мың сум, 201 кВт·сааттан 500 кВт·саат ушын 270 мың сум). Тариф өзгерислеринен соң бир айда орташа 500 кВт·саат ток ислететуғын шаңарақ буның ушын... 360 мың сўм төлейди (200 кВт.саат базалық норма ушын 120 мың сўм, 201 кВт.сааттан 500 кВт.саат ушын 240 мин сум). Яғный олар ушын баҳа көтерилип атырған жоқ.

Буннан тысқары, қарар менен электр энергиясы ҳәм тәбийий газ баҳалары ҳәр жылы 1-майдан бир мәрте жыллық инфляция дәрежесинен келип шыққан ҳалда 10 проценттен жоқары болмаған муғдарда индексленип барылатуғыны белгиленбекте.