Буның ушын министрликте өз алдына штаб шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, 28-декабрь - 2-январь күнлери мәмлекетимиздеги район (қала), ўәлаят ҳәм республика көлеминдеги барлық емлеўханалар, қәнигелестирилген медицина орайлары және медицина жоқары оқыў орынларының клиникалары және аймақлардағы 39 районлар аралық қоспа жарақатланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларында 40 мың медицина системасының хызметкерлери нызамда белгиленген тәртипте, нәўбетшилик тийкарында Қосымша орынлар ҳәм дәри-дәрмақлар резерви жаратылған.
Сондай-ақ, байрам күнлери Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның аймақларындағы 13 филиалы және 200 ге шамалас елатлы пунктте жайласқан қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлеринде де 24 саат даўамында нәўбетши шыпакер ҳәм мийирбийкелер жумыс алып барады. Бул мәкемелер зәрүр дәри-дәрмақлар менен тәмийинленип, резерв орынлар жаратылған.
Республикалық тез медициналық жәрдем орайының мәмлекетимиз бойлап 2 800 ден аслам медициналық жәрдем бригадасы халықтан болатуғын шақырықларға турақлы таяр турыпты.
Буннан тысқары, байрам күнлери елимиздеги 230 туўыў, 235 балалар емлеў мәкемеси де үзликсиз жумыс алып барады.
Республикалық Call-орайы (1003) арқалы болса медицинаға байланыслы сораўларға маман қәнигелерден күни-түни жуўап алыў мүмкин.
