Декабрь айының рейтингинен 6 былғары қолғап ийелери орын алған. Исроил Мадримов ҳәм Ҳасанбой Досматов өз салмақ категориясында 3-орынды ийелеп тур. Бектемир Мелиқузиев 9-орында болса, аўыр салмақлы боксшимиз Баҳодир Жалолов Топ-10 ды жуўмақлап берген.

Рейтингтен орын алған боксшыларымыз:

Супераўыр салмақ: Баҳодир Жалолов 10-орын;

Суперорта салмақ категориясы (76,2 кг): Бектемир Мелиқузиев 9-орын;

Биринши орташа салмақ (69,8 кг): Исроил Мадримов 3-орын;

Ярым жеңил салмақта (57,1 кг): Отабек Холматов 17-орын;

Жеңил салмақта (50,82 кг): Олимжон Назаров 37-орын;

Биринши жүдә жеңил салмақ (47,6 кг): Ҳасанбой Досматов 3-орын.