Бул ҳаққында ўәлаят ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, Ташкент ўәлаяты ҳәкими Зоир Мирзаев басшылығындағы делегация ҳәзирги ўақытта Қытай Халық Республикасының пайтахты Пекин қаласында болып атыр. Делегация саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында бир қатар пайдалы ушырасыўлар өткермекте.
Усындай ушырасыўлар ўақтында Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм “Beijing China sciences runyu environmental technology co Ltd” компаниясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Оған бола, Янгийўл қаласында баҳасы 120 миллион АҚШ доллары болған шығындыны қайта ислеў заводының қурылысы режелестирилген. Жойбар иске қосылса, күнине 800 тонна шығынды жағыў арқалы ислейтуғын электр станциясы халыққа хызмет көрсетиўди баслайды.
Бул жойбарды келешекте және де кеңейтип, күнлик қуўатлылығын 4 мың тонна шығындыны зыянсыз жағыў, электр энергиясын ислеп шығарыў нәзерде тутылмақта.
Жаратылып атырған жумыс орны 150 ден аслам. Станция толық қуўатлылық пенен иске қосылғанда, инвестиция муғдары 400 миллион АҚШ долларына жетиўи күтилмекте.