Январ айында 1,3 миллиард киловатт саат электр ҳәм 1,5 миллион Гкал ыссылық энергиясы ислеп шығарылған

    4 ақпан 2025 586

    "Жыллылық электр станциялары" АЖ қурамындағы кәрханалар тәрепинен январь айында 1,3 миллиард киловатт саат электр энергиясы ҳәм 1,5 миллион Гкал ыссылық энергиясы ислеп шығарылып, тармаққа узатылды.

    Бул ҳаққында бүгин МҒКАда өткерилген брифингте "Жыллылық электр станциялары" АЖ басқарма баслығы мәлимлеме берди.

    Оның атап өтиўинше, Жергиликлестириў бағдарламасы шеңберинде 8 жойбар бойынша 6,3 миллиард сумлық өнимлер ислеп шығарыў режелестирилген болып, бул көрсеткиш 6,8 миллиард сум ямаса 108,1 процентке орынланған. Сондай-ақ, кооперация байланыслары шеңберинде 1,5 миллиард сумлық сатып алыўлар нәзерде тутылған болып, әмелде бул көрсеткиш 1,7 миллиард сум ямаса 116,2 процентке жеткен.

    Импортты қысқартыў мәселесинде де жоқары нәтийжелер атап өтилген. 583 мың АҚШ долларын үнемлеў мақсет етилген болса, бул көрсеткиш 657 мың АҚШ долларына жеткерилди ямаса реже 112,6 процентке орынланды. 2025-жылы "Жыллылық электр станциялары" АЖ тәрепинен 17 инвестициялық жойбар шеңберинде 701,93 миллион АҚШ доллары өзлестирилиўи нәзерде тутылған. Усы жылдың январь айы ушын 35,2 миллион АҚШ долларын өзлестириў режелестирилген болып, бул көрсеткиш 42 миллион АҚШ долларына жетти ҳәм орынлаў 119,3 процентке орынланды.

    Ҳәзирги ўақытта Сергели ҳәм Юнусабад районларында когенерация жойбарлары шеңберинде жаңа газ-поршенли қурылмалар қурылмақта. Сондай-ақ, "Талимаржан" ҳәм "Наўайы" ЫЭСлеринде улыўма қуўатлылығы 1715 МВт болған заманагөй пуў-газ қурылмаларын қурыў жумыслары даўам еттирилмекте.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates