Япония менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды

    18 тамыз 2025 1207

    Усы жылдың 15-18-август күнлери ЭССМ басшысы Лазиз Қудратов басшылығындағы делегация Токио ҳәм Осака қалаларында Японияның бир қатар министрликлери, банклери ҳәм компанияларының басшылары менен сөйлесиўлер алып барды.

    Олар арасында Японияның Экономика, саўда ҳәм санаат министрлиги (METI), Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC), Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), сондай-ақ, Sojitz Corporation, Washin Trading, Le One Co. Ltd., Daido Industries, OMETA, ITO Corporation, Okamoto Corporation, Masui ҳәм басқа компаниялардың басшылары бар еди.

    МЕТI басшысы Масаки Огуши менен ушырасыўда еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм төмен углеродлы басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жойбарларды биргеликте қарызландырыў механизми (JCM) шеңберинде бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлериниң ассортиментин кеңейтиў, өзбек черешнясына фитосанитариялық рухсатнама алыў процесин жеделлестириў, энергетика, стратегиялық металларды қазып алыў, қайта ислеў ҳәм жеткерип бериў тараўларында бирге ислесиў додаланды.

    JBIC басшылары менен әмелдеги жойбарларды жеделлестириў, жаңа басламаларды қаржыландырыўды жолға қойыў ҳәм жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.

    Японияның компаниялары менен болып өткен ушырасыўларда энергетика, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, жеңил санаат, инфраструктуралық қурылыс, тоқымашылық санаатын раўажландырыў ҳәм "ақыллы" дийқаншылық технологияларын енгизиў бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды. Атап айтқанда, Sojitz Corporation менен сөйлесиўлердиң жуўмағында энергетика, денсаўлықты сақлаў, инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларды қамтып алыўшы жаңа Жол картасына қол қойылды.

    17-августта делегация Осака қаласында болып өтип атырған EXPO-2025 шеңберинде Өзбекстан Миллий күни илажларында қатнасты, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates