Бул ҳаққында Euronews хабар бермекте.
Әскерий логистика ҳаққындағы келисим күшке киргенге шекем Япония нызам шығарыўшылары тәрепинен ратификацияланыўы керек.
Қорғаныў пакти олардың әскерлери биргеликтеги шынығыўлар өткергенде оқ-дәрилер, жанылғы, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр нәрселерге салық салмаў имканиятын береди. Шәртнама Токио ҳәм Қытай арасындағы кескинлик артып баратырған бир ўақытта, жақында Бас министр Санаэ Такахитидиң Пекинниң Тайванға қарсы ҳәрекетлери Японияның араласыўына себеп болыўы мүмкинлиги ҳаққындағы сөзлеринен кейин дүзилген.
Токио ҳәм Манила, сондай-ақ, Шығыс Қытай ҳәм Қубла Қытай теңизлеринде Қытай менен айырым аймақлық келиспеўшиликлерге ийе болып, олар ҳәўиж алып атыр ҳәм АҚШты өз тәрепине тартыў менен қәўип салмақта.
Япония ҳәм Филиппин рәсмийлериниң атап өтиўинше, жаңа пакт еки мәмлекетке улыўма машқала болған тәбийғый апатшылықларға қарсы гүресиўде ҳәм БМШтың тынышлық орнатыўшы миссияларында қатнасыўда жәрдем береди, деп жазбақта tengrinews.kz.