Японияның "BHN Association" ҳәм "NTT TC Leasing" коммерциялық емес шөлкемлери Өзбекстандағы жоқары билимлендириў ҳәм изертлеў мәкемелери ушын 200 дана "Toshiba Dynabook" ноутбукларын бийғәрез усынды, деп хабар береди "Дунё" МА.
"Жаслар басламасы платформасы: академиялық жетикликти арттырыў" атамасындағы бул жойбар Япония Ҳүкимети гранты тийкарында әмелге асырылады. Оның улыўма баҳасы 485 мың АҚШ долларын қурайды. Компьютерлер Өзбекстандағы 8 жетекши университет ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине тапсырылады.
Бул грант жойбары япон тәрепи менен биргеликте әмелге асырылған Өзбекстан билимлендириў мәкемелерин заманагөй мәлимлеме технологиялары менен тәмийинлеўге қаратылған үшинши ири бағдарлама болып есапланады. 2021-2022-жыллары 1420 дана "Samsung" планшетлери, 2023-жылы болса 80 дана "Apple" ҳәм "Windows" компьютерлери Өзбекстанға усынылған еди.
Бул үшинши басқышты әмелге асырыўда Өзбекстанның Япониядағы елшиханасы ҳәм Өзбекстан-Япония жаслар инновация орайы үлкен баслама көрсетти.
Жойбар тек ғана мәмлекетлеримиз арасында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге емес, ал Өзбекстанда санлы билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыўға үлес қосады.