Япония Өзбекстанның жас мәмлекетлик хызметкерлери ушын билимлендириў грантын ажыратты

    2026-жыл даўамында жас мәмлекетлик хызметкерлерден 18 и япон университетлеринде 2 жыллық магистратура, 1 и 3 жыллық докторантура басқышында билим алыў имканиятына ийе болады.

    Бул ҳаққында Өзбекстан жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов ҳәм Японияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Хатори Такаши қатнасыўындағы ушырасыўда мәлим болды.

    Атап өтилиўинше, ушырасыўда күншығар мәмлекет ҳүкиметиниң бийғәрез жәрдем бағдарламасы шеңберинде жәми 422 миллион иен - шама менен 2,8 миллион доллар қунға тең Алмаслаў ноталарына қол қойылды.

    Бул келисим "Кадрлар таярлаў ушын стипендия усыныў" бағдарламасы тийкарында мәмлекетимиз мәмлекетлик уйымларының жас хызметкерлери Японияда билим алыўын тәмийинлейди.

    Сондай-ақ, министр JIСА - Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң елимиздеги ўәкилханасының басшысы Бито Ёшибуми жойбар бойынша Грант шәртнамасына қол қойды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates