Мәмлекетимиз басшысы Япония пайтахтына сапары даўамында Япония Императоры Нарухито, Бас министр Санаэ Такаичи, парламенттиң еки палатасының басшылары, Өзбекстан менен дослық лигасының белсендилери, ҳүкимет ағзалары, Нара қаласының мэри, сондай-ақ, Японияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди ҳәм көп қырлы шерикликти кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Сапар бағдарламасының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Японияның ири компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен бизнес-форум ҳәм еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди.
Сапар етиўдиң тийкарғы нәтийжеси сыпатында еки мәмлекет жетекшилериниң Өзбекстан - Япония қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғын Келешек әўладлар ушын кеңейтилген стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойылды.
Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, суў ресурслары, транспорт, қала қурылысы, туризм, аўыл хожалығы, тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў тараўларындағы келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.
Өзбекстан Президенти "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўиниң биринши саммитинде де қатнасып, шығып сөйледи ҳәм бул форматтағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша бир қатар әҳмийетли басламаларды билдирди.
Саммит жуўмағында Токио декларациясы қабыл етилди.
Сапар бағдарламасы шеңберинде Токиода Өзбекстан мәденияты күнлери өткерилип, көркем өнер шеберлериниң концерти, "Жаңа Өзбекстан" фотокөргизбеси ҳәм әмелий дөретиўшилик өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Япониядағы илажлар жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти Санкт-Петербургта болып өтетуғын Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң мәжилиси ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы жетекшилериниң рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Россияға жөнеп кетти.
"Ханэда" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Япония парламентиниң депутаты Мунео Сузуки, сыртқы ислер министриниң орынбасары Оцуру Тэцуя ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.