Японияның Ajinomoto компаниясы Өзбекстанда өндиристи локализациялаўды режелестирмекте

    12 қыркүйек 2025 491

    Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов 11-сентябрь күни Японияның жетекши Ajinomoto компаниясының үлкен вице-президенти ҳәм атқарыўшы директоры Масай Ёшитеру басшылығындағы делегация менен ушырасты.

    1909-жылы Токиода шөлкемлестирилген "Ajinomoto" компаниясы азық-аўқат, қосымшалар, химия, фармацевтика ҳәм косметика өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен ең ири халықаралық корпорациялардан бири болып есапланады. Компания қурамына 65 тен аслам кәрхана киреди, активлери 9,6 миллиард АҚШ долларын, жыллық айланысы 10 миллиард долларды қурайды. Штатта 33 мыңнан аслам хызметкер жумыс ислейди.

    Сөйлесиўлер ўақтында компанияның Өзбекстан базарына кириў перспективалары, жоқары сапалы азық-аўқат қосымшаларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм тарқатыў мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстанның азық-аўқат санаатын раўажландырыў ҳәм локализациялаў дәрежесин арттырыўда "Ajinomoto" менен бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Жойбар басламаларын табыслы әмелге асырыў бойынша гезектеги әмелий илажлар белгилеп алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates