Хабар берилиўинше, усы жылдың 26-июнь күни Қытайдың «Yutong Co. Ltd.» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған он мыңыншы автобус өзиниң мүнәсип пайдаланыўшысына тапсырылды.
Мәресимге Орайлық Азия мәмлекетлеринен жәмийетлик транспорт тараўына байланыслы уйым ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, хызметкерлери қатнасты.
"Тошшаҳартрансхизмат" акционерлик жәмийетинен жуўапкер хызметкерлер де усы шөлкемлестирилген илажда қатнасып, он мыңыншы автобусты сатып алыўға еристи.
Атап өтилиўинше, жақын күнлерде Ташкент қаласында «Yutong Co. Ltd.» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған 200 дана жаңа электробуслар алып келиниўи күтилмекте.








