Буның әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан шараятында самал электр станциялары жылына орташа 3 200 саат толық қуўатлылықта ислеўи мүмкин. Қуяш электр станцияларында болса бул көрсеткиш орташа 2 300 саатты қурайды.
Демек, бирдей 1 МВт қуўатлылыққа ийе самал ҳәм қуяш электр станцияларын салыстырғанда, самал станциясы жыл даўамында шама менен 1,4 есеге көп электр энергиясын ислеп шығарыўы мүмкин.
Усы тәризде, самал энергетикасы жоқары жыллық өндирис потенциалы ҳәм жаңа қуўатлықлардың иске қосылыўы есабынан Өзбекстанның қайта тиклениўши энергия дәреклери қурамында жетекши орынды ийелеўи ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў қурамын диверсификациялаўда әҳмийетли факторға айланыўы күтилмекте.