Жыл басынан берли ҚЭС ҳәм СЭСлерде қанша электр энергиясы ислеп шығарылғаны мәлим етилди

    14 сәуір 2025 1233

    Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң 10 ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 4067 мегаватт болған 11 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 3 самал электр станциясы "жасыл" энергия ислеп шығармақта.

    Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бүгин саат 15:30 жағдайына бола, Өзбекстандағы қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен 2025-жылдың басынан берли ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары 2 млрд кВт.саатты қурады.

    Мағлыўматларға бола, усы ўақытқа шекем қуяш электр станциялары тәрепинен 1 млрд 169,9 млн кВт⋅саат, самал электр станциясы тәрепинен болса 830,1 млн кВт⋅саат электр энергиясы ислеп шығарылған.

    2025-жылдың басынан бүгинги күнге шекем самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары 2024-жылы самал электр станциялары тәрепинен жыл даўамында ислеп шығарылған жәми электр энергиясының муғдарынан (799 млн кВт·саат) көп екенлигин атап өтиў керек.

    Буның нәтийжесинде:

    - 600 миллион куб метр тәбийий газ үнемлениўине ерисилди;

    - атмосфераға 1 млн 176 мың тоннадан аслам карбонат ангидрид ҳәм 1 мың 176 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.

    Қалаберди, усы жылдың басынан бүгин, 12-апрель саат 15:30 ға шекем Өзбекстандағы барлық гидроелектр станциялары ҳәм қуяш және самал электр станциялары тәрепинен 3 млрд 707 млн кВт·саат электр энергиясы ислеп шығарылды.

    Буның нәтийжесинде:

    - 1 млрд 112,1 млн куб метр тәбийий газ үнемлениўине ерисилди;

    - атмосфераға 2 млн 179 мың 716 тонна карбонат ангидрид ҳәм 2 мың 179,7 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.

    Мағлыўмат ушын: бул көлемдеги электр энергиясы 4 миллион 633 мың 750 шаңарақтың 4 айлық ямаса 1 миллион 544,6 мың шаңарақтың бир жыллық нормативлик базасын қурайды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates