Атап өтилиўинше, усы жылдың 6-июль жағдайына бола, қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен 2025-жылы ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары 5 млрд кВт⋅саатқа жетти. Бул өткен ўақыт даўамында күнине орташа 26,7 млн кВт саат электр энергиясы қуяш ҳәм самал электр станцияларынан алынды, дегени.
Бул генерацияның 3 млрд 125,4 млн кВт⋅саатлық бөлеги қуяш электр станциялары тәрепинен, 1 млрд 915,1 млн кВт⋅саатлық бөлеги болса самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылды.
Буның нәтийжесинде:
- 1 млрд 515 млн куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди;
- атмосфераға 2 млн 220 мың тоннадан артық зыянлы газлердиң шығыўы алдын алынды.
Қалаберди, усы жылдың басынан бүгин, 7-июль саат 08:00 ге шекем Өзбекстандағы барлық гидроэлектр станциялары ҳәм қуяш және самал электр станциялары тәрепинен 8 млрд 736,9 млн кВт·саат электр энергиясы ислеп шығарылды. Бул усы жылдағы жәми генерацияның 20,3 процентин қурайды.
Буның нәтийжесинде:
- 2 млрд 647 млн куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди;
- атмосфераға 3 млн 879 мың тоннадан артық зыянлы газлердиң шығыўы алдын алынды.
Мағлыўмат ушын: бул көлемдеги электр энергиясы 7 миллион 280 мың шаңарақтың алты айлық ямаса 3 миллион 640 мың шаңарақтың бир жыллық нормативлик базасын қурайды.








