"Жасыл мәкан" электрон платформасында ашық-айдынлық және де тәмийинленеди

    2 маусым 2025 1123

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәм тоғайларды басқарыў системасында реформаларды избе-из даўам еттириў, жасыл аймақларды кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-90-санлы, 30.05.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, терек ҳәм пута нәллериниң көгерип шығыўы, өмиршеңлиги, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлылығын арттырыўдың мақсетли көрсеткишлери етип 2026-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер белгиленди.

    туқымгершилик лабораторияларында республика аймақларының климат шараятына бейимлескен өсимлик түрлеринен аналық плантацияларын шөлкемлестириў;
    мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен жеткерип берилип атырған нәллердиң көлемин 2 есеге арттырыў.

    2025-жыл 1-октябрьден баслап "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасын арттырыў, "Жасыл мәкан" электрон платформасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм санластырыўға қаратылған төмендеги механизмлер енгизиледи:

    халықтың басламасы менен терек егилиўи мүмкин болған анық аймақ, суў тәмийнаты, кейин ала тәрбиялаў имканияты ҳәм тереклердиң түрлерин көрсетиў;
    тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларын нызамға қайшы түрде кескен ямаса жоқ еткен шахслар тәрепинен компенсация сыпатында егилген терек ҳәм пута нәллериниң есабын жүргизиў системасын енгизиў.

    2025-жыл 1-ноябрьден баслап тоғай фонды жер майданлары айрықша қорғалады ҳәм олардың категориясын өзгертиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық әмелге асырылады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates