Жеке меншик исбилерменлерге зергерлик буйымларын сатыўға рухсат бериледи

    Қымбат баҳалы металларға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, 2026-жыл 1-январьдан төмендегилер бийкар етиледи:

    баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан ислеп шығарылған зергерлик буйымлары ҳәм ярым таяр өнимлерди реализациялаў бойынша айланысты ҚҚСтан азат етиўге байланыслы жеңиллик;

    алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын жыйым.

    2028-жыл 1-январьға шекем зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ямаса оларды сатыў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлерге ҚҚСтың 80 проценти ҳәр айдың 25-сәнесине шекем автоматикалық тәризде республикалық бюджеттен қайтарылады.

    2025-жыл 1-сентябрьден:

    Жеке тәртиптеги исбилерменлерге зергерлик буйымларын сатыў жумысы менен шуғылланыўға рухсат етиледи;

    Мәмлекетлик ҳасыллық қадағалаў инспекциясы тәрепинен Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаятлардың орайларында зергерлик буйымларының ҳасыллық дәрежесин тексериў ҳәм оларды тамғалаў бойынша көшпели хызмет көрсетиў жолға қойылады;

    Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында "Soliq" мобил қосымшасы арқалы хабар берген шахсларға өндирилген жәрийма муғдарының 50 проценти муғдарында сыйлық төленеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates