Атап айтқанда, Денов районындағы Тасмасой мәҳәллесинде 875 шаңарақ қыйтақ жеринде цитрус мийўе нәли ҳәм лимон жетистирип, ҳәр бири жылына 200 миллион сумға шекем дәрамат алып атырғаны, Сариосиё ҳәм Алтынсай районларындағы мыңнан аслам шаңарақта "шуқыр" ҳәм "термос" усылында лимон жетистириў басламасын билдиргени айтылды.

Сурхан алабында халықтың турмыс абаданлығын және де арттырыўдың әҳмийетли факторы болған жеке дийқан хожалықларын раўажландырыў ҳәм оны жаңа басқышқа көтериўге айрықша кирисилген. Атап айтқанда, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша анық илажлар тийкарында Алтынсай районында да салмақлы жумыслар исленип атырғанын атап өтти. Аймақта бүгинги күнде 31 мың 671 шаңарақ болып, оларға қараслы жәми егислик майданлары 2361 гектарды қурайды. Соннан 160 гектары әйне ыссыханалар болып табылады.

- Сурхандәрья ўәлаятында, соның ишинде, Алтынсай ҳәм Деновда халықтың жеке дийқан хожалықларынан нәтийжели пайдаланыўы ушын көплеген қолайлықлар жаратылмақта. Әсиресе, бул бағдарда қабыл етилип атырған бир қатар қарар ҳәм пәрманлар тараўды буннан былай да раўажландырыўда нәтийже бермекте, - дейди Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң Алтынсай районлық бөлими қәнигеси Исмоил Боймиров. - 30-январь күни қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде де жеке меншик дийқан хожалықлары ушын көплеген жеңилликлер берилди. Бул болса усы бағдардың және де раўажланыўына жаңа есиклер ашты. Сондай-ақ, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлер болса тараўды буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Алтынсайлы Акром Турдиев бир неше жылдан берли үйинде "шуқыр" усылында ыссыхана қурып, цитрус мийўелерин жетистирип, жоқары дәрамат алып келмекте.

- Дийқаншылық сырларын өзлестириўде ҳәм билим, ҳәм турмыслық тәжирийбе зәрүр болады. Әсиресе, Алтынсай сыяқлы аўыл хожалығында жаңадан-жаңа өзгерислер енди кирип киятырған районларда, - дейди Акром Турдиев.

Дийқанның айтыўынша, халықтың қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўға итибардың күшейтилип атырғаны жылдың төрт мәўсиминде де арзан ҳәм сапалы мийўе-палыз жетистириў ушын қолайлы имканиятлар жаратпақта. Мыңшынар мәҳәллесинде жасайтуғын Турдиевлерди кейинги жыллары районда жумыстың көзин жақсы билетуғын шебер дийқанлар сыпатында таныйтуғыны рас. Буның себеби болса қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўдың тәжирийбесин меңгергени.

- Дийқаншылықта ҳикмет көп. Буннан жақын жылларда Мыңшынар, Хожасат мәҳәллелеринде таслақ, сайын жер, шөп өспейди, деген сөзлер бар еди. Ҳәзир болса бул мәҳәллелерде жетистирилип атырған өнимлер усы жердиң өзинде бирме-бир сырт елге жиберилип атыр, - дейди хожасоатлы Абдурауф Абдуллаев. - Мысалы, райондағы Турдиевлер шаңарағының цитрус мийўе тәрбиялаў бойынша өз көзқараслары, сиз бенен бизге беретуғын тәжирийбеси бар. Олар өз ыссыханаларында 1200 ден аслам лимон, 200 ден аслам мандарин, 100 апельсин нәлинен жақсы зүрәәт алмақта. Итибарлысы, бул шаңарақ ийелери киши нәллер зүрәәтке киремен дегенше аралық егинлер егеди. Усы күнлери олардың қыйтақ жер жетистириўдеги тәжирийбесин үйрениў менен бәнтпен.

Шаңарақтың жасы үлкен дийқан Абдумурат баба Турдиев лимоншылық сырларын перзентлерине үйретип барыўдан ҳасла шаршамайды. Оларды ҳадал мийнет етиўге, шаңарағына садық болыўға үйреткен. Перзентлер де атасының изинен бармақта. Итибарлы тәрепи, олар қурған ыссыханаларда тамшылатып суўғарыў технологиясы жолға қойылған.

- Бул суўғарыўдың абзаллығы, ең дәслеп, суў ресурсларын үнемлеўде көринеди. Дийқаншылықтан алынған дәраматымыз болса жаңадан-жаңа жойбарларды әмелге асырыўда қолланылмақта. Атап айтқанда, музлатқышлы қоймахана да қурдық. Мәмлекетимиз басшысының мәжилисин телевизордан бақладық. Жеңилликлер және де көбейиўин еситип, белди беккем байлап, және жумысқа шығып кеттик, - дейди қыйтақ жер ийеси Акром Турдиев.

Денов районындағы Тасмасой мәҳәллесиниң халқы да қыйтақ жер жетистириўде салмақлы нәтийжелерге ериспекте. Мәҳәлледе 1103 шаңарақ болып, 6414 адам жасайды. Аймақта бүгинги күнде 412 ықшам ыссыхана болып, ҳәзир аўыл хожалығы өнимлери жетистирилмекте. Бул жердеги адамлардың бурыннан өсимлик дүньясына меҳри өзгеше, соның ушын, драйвер тараў сыпатында гүлшилик, нәлшилик белгилеп алынған.

Мәҳәллеге кирип келиўиңиз бенен жасыллықтан көзиңиз қуўанады, денеңиз кислородқа тойынады. Аймақтағы көпшилик шаңарақларда саяманлы, мийўели гүллер ҳәм нәллер тәрбияланады. Бул жумыстан келип түсип атырған дәраматтың шеклери болса бирқанша жоқары. Усы мәҳәлледе жасайтуғын Олим Байқуловқа дийқаншылық ата мийрас. Ол өз үйинде бир неше ыссыхана қурған. Соның изинен бүгинги күнге келип исбилермен дийқан цитрус мийўелерин жетистириўдиң ҳәдисин алған.

Қыс болыўына қарамастан, оның ыссыханаларында цитрус тереклериниң мийўеси көп. Лимон, апельсин, мандарин сыяқлы тереклер, басқа да саяманлы нәллер көкке бой созған. Улыўма етип айтқанда, өзиңизди тропикалық тоғайға түсип қалғандай сезесиз.

- Қыйтақ жердеги ҳәр қарыс жерден өнимли пайдаланыў үйге пайда келтириўдиң нәтийжели усылы. Буннан өзиңиз де, қоңсы-қоба, ел базары ҳәм жәмийет те пайда көреди, - дейди тасмасайлы Олим Байқулов.

Дурыс сөз. Мәмлекетимизде қыйтақ жерди раўажландырыў ушын барлық шараят ҳәм имканиятлар жаратылған. Мине усындай мийнет пенен инсан тек өзиниң турмыс абаданлығын тәмийинлеп қоймастан, базарлардың молшылығына, экология тазалығына да үлес қосыўы мүмкин. Олим Байқулов сыяқлы узақты көре алатуғын исбилермен бағманлардың жумысы буған айқын мысал болып есапланады.

Сурхан алабының ықлым шараяты аўыл хожалығы өнимлерин ерте жетистириў имканиятын береди. Қыс айларында да атыз майданлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде мүддетинен алдын пискен өнимлер жергиликли базарларға үзликсиз жеткерип берилмекте.

Тасмасай халқының ўәкиллери ыссыханалар қурып, оларда қыс мәўсиминде де талап жоқары болған өнимлер жетистирип келмекте.

- Пуқаралардың жерге мүнәсибети жылдан-жылға өзгерип бармақта. Әсиресе, мәмлекет тәрепинен үзликсиз қоллап-қуўатланып атырғаны буған тийкар жаратпақта, - дейди "Тасмасой" МПЖдағы ҳәким жәрдемшиси Жўрабек Тўраев. - "Мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери үйлерде болып, ыссыхана шараятында дийқаншылық етиўдиң абзаллығын түсиндирип келмектемиз. Нәтийжелер болса унамлы. Ҳәзир Тасмасай мәҳәллеси драйвер тараўдың раўажланыўы бойынша ең алдынғы мәҳәллеге айланып үлгерди.

Енди мәҳәллелер бойлап турмыслық тәжирийбеге ийе дийқанларды тартқан ҳалда медиатурлар шөлкемлестириў, қыйтақ жеринен ең нәтийжели пайдаланған шаңарақларды хошаметлеў механизмин енгизиў бойынша анық мақсетлер белгилеп алынды. Әлбетте, бул басламалар бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға тийкар жаратып, халықтың дәраматын арттырыўға хызмет етеди.

Сарвар ТЎРАЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы