Қарарға бола, "Жыл муғаллими" ҳәм "Кәсиплик шеберлик жетекшиси" таңлаўлары 2026-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте өткериледи.

"Жыл муғаллими" таңлаўына талабанлар өзлери сабақ беретуғын бир пәннен, баслаўыш класс муғаллимлери болса баслаўыш билимлендириў бағдарында қатнасады. Қатнасыўшылар министрликтиң арнаўлы платформасы арқалы дизимнен өтеди.

Таңлаў үш басқышта өткериледи:

биринши басқышта - талабанлардың қәнигелик пәни, педагогикалық шеберлиги ҳәм кәсип стандарты бойынша теориялық билимлери баҳаланады;

екинши басқышта - талабанлардың педагогикалық шеберлиги баҳалаў нормалары тийкарында төрешилер қурамы ҳәм педагоглар тәрепинен баҳаланады. Бунда талабан өткен сабақтың видеожазыўы баҳалаў ушын арнаўлы платформаға жайластырылады;

үшинши басқышта - талабанлардың руўхый-ағартыўшылық жумысы ҳәм китапқумарлығы баҳаланады.

Таңлаў жуўмақларына бола ҳәр еки жылда бир мәрте октябрь айында жеңимпаз деп табылған ҳәр бир талабан реестри Министрлик тәрепинен жүргизилетуғын ҳәм Министрликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырылатуғын QR -кодлы сертификат пенен сыйлықланады.

Усы сертификат тийкарында жеңимпазлар Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң қорына қосымша ажыратылған қаржыларды қайта бөлистириў есабынан базалық есаплаў муғдарының 1 400 есесине тең пул сыйлығы менен сыйлықланады.

Педагогикалық шеберлик орайлары директорлары арасында "Кәсиплик шеберлик жетекшиси" таңлаўында болса қатнасыўшылардың 4 бағдар бойынша жумыс нәтийжелери үйрениледи.

Булар:

аймақта билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша ерисилген нәтийжелер,

финанслық турақлылықты тәмийинлеў бойынша ерисилген нәтийжелер,

заманагөй усылда билимлендириў процесин шөлкемлестириў бойынша ерисилген нәтийжелер,

Орайды тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў ҳәм заманагөй басқарыў усылларының енгизилгенлиги.

Жеңимпазлар базалық есаплаў муғдарының 1 400 есесине тең болған ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.