"Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўын санластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (11-сан, 20.01.2026-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети мәлимлеме системасы "Ҳәкимшилик әмелият" модули жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларына интеграцияланады.
2026-жыл 1-февральдан:
улыўма салмағы (жүги менен) 44 тоннадан артық жүк автомобиллери, кәнлер, шахта ҳәм карьерлерде қолланылатуғын арнаўлы транспортлар, юридикалық шахсларға тийисли жөнелиссиз таксилер, сондай-ақ, "антиквар" автомототранспортлар ушын айрықша сериялы дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери енгизиледи;
ислеп шығарылғанына 50 жыл ҳәм оннан артық болған транспортлардан пайдаланыў, оларды қайта дизимге алыў қадаған етиледи ҳәмде олар мәмлекетлик дизимнен шығарылады.
Автомототранспортты дизимнен өткергени ҳаққындағы гүўалықта мүлк ийесиниң мәнзилин көрсетиў талабы бийкар етиледи.
Автомототранспортты мәмлекетлик дизимнен өткериўде төмендеги ҳүжжетлерди ўәкилликли уйымлардан уйымлараралық электрон бирге ислесиў арқалы алыў жолға қойылады:
автомототранспорт алды-сатты шәртнамасы;
"Электрон онлайн аукционларды шөлкемлестириў" АЖ тәрепинен берилген аукцион протоколлары;
мәмлекетлик үлеси бар кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған автомототранспортларға берилетуғын электрон есап-санақлар;
автомототранспорт қуралы ийесиниң мағлыўматлары.