Усы жылы 24-июнь күни Ферғана ўәлаяты Бувайда районында жол шетине тоқтап турған "Nexia" айдаўшысы автомобилди өширместен, дүканға кирип кеткен. Сол ўақытта, алдыңғы орынлықта қалған 5 жасар ул бала айна көтергиш түймесин басып жиберген. Ақыбетинде баланың басы қысылып қалған. Ҳәдийсени көрип, оператив ҳәрекет етип, автомобиль айнасын сындырып, баланы қутқарып қалған ЖПХ хызметкери Азим Халифаев сыйлықланды.

Сондай-ақ, хызмет жумысында үлгили жумыс алып барып киятырған, өзиниң пидайылығы, садықлығы ҳәм жоқары профессионаллығы менен ажыралып турған бир топар ЖПХ хызметкерлери хошаметленди.

"Олардың нәтийжели жумысы, өз алдына қойылған ўазыйпаларды жуўапкершилик пенен орынлап атырғаны, сондай-ақ, жәмәәтте саламат орталықты қәлиплестириўдеги үлеси атап өтилип, миннетдаршылық билдирилди", делинеди хабарда.